Қайқыўлап қуслар тағы,
Сап тартып баратырма,
Кеткендей жаслық шағым,
Ғазлардың қанатында,– деген жанға жағымлы бул қосықты халқымызға белгили қосықшы Мақсет Өтемуратовтың атқарыўында көп тыңлағанбыз. Сүйикли шайырымыз Ибрайым Юсупов қәлемине тийисли бул қосық қосықшының атқарыўында хит дәрежеге көтерилип, тыңлаўшылардың кеўил төрине жайғасып үлгерген. «Жақсы қосықты, жақсы нама жүзеге шығарады» дегениндей бул қосыққа жарасықлы нама жазған композиторды көпшилик биле бермесе керек. Ол, Ақмаңғыт елатында жасап жүрип-ақ, елимизге белгили көпшилик қосықшыларға нама жазып, өзи де жанға жағымлы қосықларды атқарып киятырған композитор ҳәм қосықшы Шамурат Төлегенов.
Жақсы қосықтың қанаты болады. Шамурат Төлегеновтың буннан отыз жыл бурын Мурат Артықов сөзине жазған «Ақмаңғыт таңы» қосығы оның халық арасында композитор болып танылыўында айрықша орын тутты десек қәтелеспеймиз. Дәслеп өзи шаңарақ ағзалары менен, соң Мақсет Өтемуратовтың атқарған бул қосығы туўылған журттың тәрийпин сүўретлеген жағымлы қосық болды.
Ҳеш бир нәрсе де тосыннан болмағанындай, Шамурат Төлегенов көркем өнерге балалықтан қызығып, арзыўлар жетегинде Нөкис мәденият техникумында билим алады. Өзиниң дәслепки мийнет жолын Нөкис районындағы киноклубта қәниге болып жумыс ислеўден баслаған болса, 1978-жылдан баслап райондағы мәденият үйине көркемлик жақтан басшылық етеди.
Дәслеп қосықлар атқарып жүрген ол соңынан шайырлардың қосықларына намалар жазып халыққа таныла баслайды. Оның жазған намалары республикамызда белгили қосықшылар тәрепинен атқарылып келинбекте. Оның қәлемине тийисли киши жастағы балаларға ҳәм үлкен жастағы қосықшыларға жаратылған намалары халқымыздың итибарына мүнәсип болып келмекте.
Ол дөретиўшилик жолында 170 ке шамалас нама ҳәм қосықлар жаратып, соның 75 тен асламы Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радиосының фонотекасына киргизилген.
Композитордың шығармаларында өзине сай музыкалық метод жәмленген. Оның жаратқан нама ҳәм қосықлары елимизге белгили қосықшылар Г.Айымбетова, М.Өтемуратов, А.Надырова, М.Намозов, Д.Исмияминова, А.Алланиязов, Р.Хожасов, Б.Темирбаев, К.Хитжанов, Д.Отарбаев, М.Төлегенова, А.Асқаров сыяқлы халқымыз сүйген қосықшылардың репертуарларынан орын алған.
Ш.Төлегеновтың дөретиўшилигинде Ўатан, бахытлы жаслық, дослық, мийнетти сүйиў ҳәм руўхый бәркамаллық идеялары терең орын алған. Олардан, «Өзбекстан Ўатаным мениң», «Жалғызсан муқаддес Ўатан», «Нәўбәҳәр», «Хош келдиң Наўрыз», «Гөззал жаслығым», «Ғазлардың қанатында», «Ўатан сақшылары», «Ҳәййиў», «Арбашының аўылы», «Айтың тырналар», «Ақмаңғыт таңы», «Бағман қызлар», «Қарақалпағым», «Хийўалы гөззал», «Анаханларым», «Бир кесе шай», «Гәўхарым», «Нәўбәҳәр келди», «Әзиз Өзбекстаным», «Сүннет той» сондай-ақ, «Жигит-қызлар айтысыўы», сыяқлы музыкалы шығармалары Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамларында атқарылды.
Шамурат ағаны шаңарақлық қосықшылар сыпатында да халқымыз жақсы таныйды. Ол иниси Абдимурат(марҳум), қарындасы Мырзагүл, өмирлик жолдасы Минайым ҳәм перзентлери менен биргеликте шаңарақлық ансамбль дүзип, республикалық көлемде өткерилген мәдений илажларға ҳәм таңлаўларға қатнасып, жақсы нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, 1998-жылы шаңарақлық ансамбльлердиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша өткерилгени таңлаўында биринши орынды, шаңарақлық ансамбльлердиң ўәлаятлар арасында өткерилген Өзбекстан Республикасы басқышында екинши орынды, 2010-жылы «Жалғызсаң сен муқаддес Ўатан» таңлаўының республикалық басқышында жазған намасы ушын екинши орынды, 2012-жылы июнь айында Қашқадәрья ўәлаятында «Беккем шаңарақ жылы» мүнәсибети менен өткерилген «Шаңарақлық ансамбльлер» таңлаўында екинши орынды ийелеп, диплом менен сыйлықланды. Сондай-ақ, 2013-жылы Өзбекстан Республикасы көлеминде ҳәййиў қосығын (алла) атқарыўшылардың «Ана ҳәййиўинде Ўатан нәпеси» таңлаўында биринши орынды ийелеп, диплом менен сыйлықланды.
Шамурат Төлегенов республикамыз көлеминде өткерилип киятырған мәдений илажларға, атап айтқанда ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ушын арнап өткерилген концерт бағдарламаларында сценарий композицияларына жаңа намалар жазды.
Оның 2015-жылы “Мәртлер қорғайды Ўатанды” атамасындағы республикалық таңлаўда жазған намасы биринши орынды ийелеген болса, оның дүзген композиция сценарийлер топламы Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги Халық дөретиўшилиги бөлими тәрепинен китапша етип басып шығарылып, республика мәденият ҳәм халық дем алыў орайларына қолланба сыпатында тарқатылды.
Шамурат Төлегенов қарақалпақ халық миллий қосық, сазлары бағдарында белсенди хызмет көрсетиў менен бирге миллий мәдениятымызды раўажландырыў жолында көплеген шәкиртлер таярлады.
-Устазым Шамурат аға менен мектепте 9-кластта оқып жүрген гезлеримде танысқан едим. Ол мектепте мәденият кружогин басқаратуғын еди. Яғный “Бүлбил” балалар ансамблине басшылық етти. Сол ўақыттан баслап мени қосық айтыўға таярлап, мәденият тараўына кирип келиўиме себепши болған биринши устазым есапланады. Дөретиўшилик мийнет жолымызда көплеген нама қосықлары үстинде бирге ислестик. Атап айтқанда «Назлы яр», «Қарақалпағым», «Перийзатым», «Неге билмедиң», «Ғазлардың қанатында» ҳәм басқа да атқарған көплеген қосықларымның намасын жазды. Оның өзине тән дөретиўшилик усылы болып, жазған намалары миллий колоритке бай. Соның ушында тыңлаўшыны өзине тартып турады. Алдағы ўақытларда да көплеген нама қосықларын жаратыўда устазымнан мәсләҳәтлер алып, халқымыздың кеўлиндегидей етип атқарып шығыў нийетиндемен дейди,- оның шәкирти, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Мақсет Өтемуратов.
Шамурат Төлегенов 2008-жылдан баслап Нөкис районы мәденият бөлими жанындағы «Ақмаңғыт таңы» фольклор-этнографиялық ансамблине музыкалық жақтан басшылық етип келмекте. 2014-жылы «Ардақлаў» сыйлығын алыўға миясар болды.
Жақында 15-апрель күни елимиз бойлап кең түрде белгиленген Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен Шамурат Төлегеновтың да мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери” ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
-Жақсы намалар, гөззал ҳәм тыныш-татыўлықта жасап атырған усындай журтта дөреледи,-дейди ол. Мийнетлеримниң мүнәсип баҳаланыўы және де руўхландырып, жаңа намалар дөретиўге жетелемекте,-дейди ол.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги