Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм басқа да министрликлер менен шөлкемлер тәрепинен қоспа қарар тийкарында шөлкемлестирилген «Жас қутқарыўшылар» жарысының республикалық басқышы  Туран стадионында  улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларының қатнасыўында қызғын түрде өткерилди.

Онда республикамыздағы мектеплерден дүзилген командалар қатнасып, өз-ара беллести.

Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, жасларға айрықша жағдайлар жүз бергенде қутқарыў жумысларында дурыс ҳәрекет етиўди үйретиў, жәбирленгенлерге биринши жәрдем көрсетиў, қутқарыў әсбап-үскенелерин қолланып  билиўдеги көнликпелерин жетилистириў ҳәм  оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў болып есапланады.

Қызғын беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағында Нөкис қалалық 31-санлы қәнигелестирилген мектеп оқыўшылары биринши, Беруний районындағы 54-санлы улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары екинши, Шоманай районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары үшинши орынды ийеледи ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Биринши орынды ийелеген пайтахтымыздағы 31-санлы қәнигелестирилген мектеп командасы Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги