Усы жыл 15-апрель күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде “Жаслар ҳәм бизнести қоллап–куўатлаў жылы” на бағышланған дәстүрий “Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы” ҳәптелигиниӊ ашылыў мәресими болды.
Онда Қорақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Зарикеев, Туризм басқармасыныӊ баслығы Г.Изентаева, академик С.Байбосынов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды 15-апрель–Мәденият ҳәм кѳркем ѳнер хызметкерлери күни байрамы ҳәм фестивальдыӊ ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, усы жыл 15-19-апрель күнлери аралығында өткерилиўи режелестирилген фестивальдың тийкарғы мақсети, миллий сүўретлеў ҳәм әмелий қол өнеримиздиң бай мийрасын ҳәм заманагөй сүўретлеў өнериниң жетискенликлерин халыққа кең түрде танытыў, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, үлкен ҳәм киши жастағы художниклердиң дөретиўшилик потенциалының жоқары екенлигин тамашагөйлерге жеткериў, усы арқалы жасларды ана Ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў менен бирге, сүўретлеў өнерине болған қызығыўшылығын арттырыў болып табылады.
Мәресим шеңберинде Көргизбе сарайы имараты алдындағы ашық майданда мектеп оқыўшыларының сүўрет сызыўлары, устаз художниклер менен биргеликтеги шеберлик сабақлары, дизайнерлер тәрепинен дефиле ҳәм концерт бағдарламалары шөлкемлестирилди. Буннан соң Ж.Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты оқыўшылары ҳәм узтаз оқытыўшылардың дөретпелеринен ибарат көргизбеси ашылды. Онда устаз художниклер Бердимурат Бабашевтыӊ “Шопан”, “Аўыл”, Нажиматдин Шукуруллаевтыӊ “Қаратаўға жол”, “Арал тенизи бойларында балықшылар”, Саламат Бекбаўлиевтиӊ “Қаратаў”, “24-киши район көшеси”, сондай-ақ оқыўшылардың ҳәр қыйлы жанрларда исленген пейзаж, живопись графикалық ҳәм әмелий қол өнери үлгилеринен ибарат 100 ден аслам дөретпеси орын алды.
Картиналарда үлкемиздиң бийтәкрар тәбиятын сәўлелендирген пейзажлар, атызларда жетилискен баў-бағша өнимлери менен биргеликте гүлзарлардан үзилген түрли реңдеги гүллерди сәўлелендирген натюрмортлар, Арал теңизи ҳәм оның тәғдирин сәўледендириўши композициялар, халқымыздыӊ мақтанышы болған тарийхый орынларды сөз етиўши дөретпелер өз сәўлелениўин тапқан.
Ҳәптелик шеӊбериндеги илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги