15-апрель ― Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни
Жәмийет, инсанның дөретиўшилик күши ҳәм қәбилетиниң тарийхый раўажланыўының белгили бир дәрежеси оның мәденияты менен өлшенеди. Ҳəр қандай халықтың мəденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине болған ҳүрмети болып табылады.
Бәршемизге белгили, инсан қәлбине жоқары адамгершилик пазыйлетлерди, ийги мақсетлерди сиңдирип, жәмийетти бирлестириў ҳәм раўажландырыўда халықты, Ўатанды дүньяға танытыўда мәденият ҳәм көркем өнердиң орны ҳәм тәсири айрықша. Мәмлекетимиз турмысында жүз берген ояныў дәўири ең алды менен әййемги ҳәм бай мәдениятымыздан азықланып, бийтәкирар қәдириятларымыз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз тийкарында жүзеге келди.
Бүгин мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстан, Жаңа Қарақалпақстанның жаңа келбетин жаратыў, алдымызға қойған уллы мақсет ― Үшинши Ренессанс тийкарын қурыўда дөретиўши зыялылар шешиўши күш сыпатында көзге тасланып атырғанлығын ел-халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди. Мәмлекетимиз тәрепинен тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетин ҳәр тәреплеме хошаметлеў, олардың жәмийетлик турмыстағы орнын ҳәм абырайын көтериў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң 2021-жыл 7-июнь күнги «Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында» ғы Нызамы менен елимизде «15-апрель ― Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» етип белгилениўи бул бағдардағы жаңа қәдем болды. Сонлықтан да, бул сәнениң тийкары терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек ҳасла қəтелеспеймиз. Әсиресе, жылдан–жылға бул байрамның мәмлекетимиз бойлап жоқары дәрежеде өткерилиўи ҳəр бир дөретиўши инсанның қəлбинде миллий мақтаныш сезимлерин оятады.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери ҳаққында сөз болғанда, ең дәслеп, бийтәкирар өнери менен халқымыздың руўхый дүньясын байытып киятырған машақатлы ҳəм мақтанышлы кəсип ийелери көз алдымызға келеди. Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм олардың хызметлерин мүнәсип баҳалаўға, халықтың мәдений дем алыўын мазмунлы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар Нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы 3 мәмлекетлик театр, 5 концерт-тамаша шөлкеми, 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 2 қәнигелестирилген мектеп, 2 жоқары оқыў орны, 16 қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлери, 60 мәденият орайы, Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты, Республикалық Көзи әззилер китапханасы жумыс алып бармақта.
Жылдан-жылға тараўымыздың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қурылыс, оңлаў жумыслары алып барылмақта. Қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлери заманагөй автокөликлер менен тәмийинленбекте. Ең әҳмийетлиси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондының шөлкемлестирилиўи тараўдыӊ раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болды.
Өткен қысқа дәўир ишинде министрлик ҳәм оған қараслы мәкемелерде тилге тийек етерлик табысларымыз көбейип атыр. Узаққа кетпей, усы жылдың басына нәзер тасласақ, қысқа пурсатта көплеген нәтийжели жумыслар, жаңа басламалар менен жетискенликлерге қәдем таслағанымызды көриўимиз мүмкин. Быйыл январь айында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрыныӊ актёры Азиз Назарымбетов “Әбиў Райхан Беруний” спектаклиндеги Беруний образы ушын “Жылдыӊ еӊ жақсы актёры”, елимиздиӊ талантлы қосықшысы Расул Сейтжанов (Жаноб Расул) “Жылдың еӊ жақсы эстрада ер қосықшысы” деп табылған болса, Қарақалапақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры М.Бегимовтыӊ “Шапан әпсанасы” спектакли ушын “Жылдыӊ еӊ жақсы қуўыршақ спектакли” номинациясы бойынша «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» миллий сыйлығына мүнәсип деп табылды.
Сондай-ақ, быйыл январь айынан баслап министрлигимиз тәрепинен елимизде миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыў, талантлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Йош» эстрадалық жойбарына старт берилип, талантлы жасларымыз ушын қәбилетлерин жүзеге шығарыўшы майдан жаратылды. Соның менен бирге, быйыл мәденият тараўынан Нөкис қалалық 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң муғаллими, талантлы бақсы қызымыз Гүлшынар Худайбергенова Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың он үшинши ийеси болды. Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминиң «Мийрас» фольклор-этнографиялық жәмәәти «Ана дияр сазалары» республикалық таңлаўында үшинши орынды жеңип алды. Ал, жас опера атқарыўшыларының «Жаслық бәҳәри» фестивалында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти Б.Қыдырбаев, Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нөкис филиалы студентлери Д.Кеўнимжаева ҳәм А.Альжановлар жеңимпаз болды.
Және бир әҳмийетли жаңалық, быйылғы 27-март― Халықаралық театр күни алдынан Қарақалпақстанда биринши «Муза» жеке меншик театры жумыс баслады. Ҳәзирги ўақытта және бир үлкен жаңалық «Жеткиншек» Қарақалпақ балалар хорын шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта. Халықаралық бирге ислесиў, қоңсы еллер менен мәдений, дослық байланысларды күшейтиў, тараўға инвестиция ҳәм грантларды тартыў бойынша ТИКА, ЮНЕСКО сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған грант таңлаўында министрлик шөлкемлестириўиндеги «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы «Ретро өнер» жойбары менен жеңимпаз болып, жүз миллион сўм муғдарында грант утып алды.
Миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди халықшыл принциплерди еле де арттырып, оны халқымыздың жүрегинде сәўлелендиретуғын, жоқары халықаралық талапларға жуўап беретуғын тараўға айландырыў баслы мақсетлеримиздиң бири. Мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлерин, республикамыздың барлық аймақларында мийнет етип атырған көп миллетли дөретиўшилик ҳәм техникалық жәмәәтлерди қоллап-қуўатлаў, жоқары көркем шығармаларды жаратыўды хошаметлеў, олардың ел-журтымызға хызмет етиўи ушын зәрүр шараят жаратып бериў жумысларын жаңа басқышқа көтериў де алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири саналады.
Өз халқын жоқары раўажланған мәмлекетлер қатарына қосыўды мақсет еткен жадид бабаларымыз илим, мәденият ҳәм көркем өнеримиздиң ҳақыйқый драйверлери болғанлығын бүгин терең аңламақтамыз. Демек, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда өз дөретиўшилиги менен хызмет етип атырған ҳәр бир тараў хызметкери бүгин миллий мәдениятымыздың, көркем өнеримиздиң драйверлери болыўы керек екенлигин ўақыттың өзи тастыйықламақта. Солай екен, инсан қәдири улығланған журтымыздағы бүгинги әмелге асырылып атырған реформаларда белсендилик көрсетиў, жаңа басламалар, жаңа дөретиўшилик жумыслар менен жәмийеттиң ояў көзи ҳәм кеўлине айланыў, бир сөз бенен айтқанда миллий мәдениятымыздың драйвери болыў бүгин ҳәр бир мәденият хызметкериниң баслы мақсети, бүгинги күн тәртибиндеги әҳмийетли ўазыйпасы болыўы тийис.
Пурсаттан пайдаланып, барлық дөретиўшилеримизди, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерин, нураныйлеримиз бенен талантлы жасларымызды 15-апрель―Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман. Бәршеңиздиң шаңарақларыңызға аманлық, беккем денсаўлық, дөретиўшилик жумысларыңызда бәлент пәрўазлар тилеймен.
Бегисбай ТЕМИРБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри.
Қарақалпақстан хабар агентлиги