9-апрель күни уллы сәркарда, мәмлекетлик ғайраткер Әмир Темурдың туўылған күни мәмлекетимиз бойлап кең түрде белгиленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында уллы сәркарданың 688 жыллығына бағышланып «Әмир Темурдың жәҳән тарийхында тутқан орны» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Оған «Социаллық-экономикалық пәнлер методикасы» кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм тарийх пәни муғаллимлери үзликсиз кәсиплик раўажландырыў курсы тыңлаўшылары қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар Әмир Темурдың өмир жолы, мәмлекет қурыўдағы ерискен табыслары ҳаққында сөз етти.

Атап өтилгениндей, Әмир Темур орта әсирдиң атақлы мәмлекетлик ҳәм әскерий ғайраткерлеринен бири болып, Европа алымлары өз шығармаларында оның әҳмийетли пазыйлетлерин айрықша атап өткен.

Бүгинги күнде дүньяның 50 ден артық мәмлекетлеринде Темуртаныўшы алымлар илимий изертлеўлер алып бармақта. Бул алымлардың жемисли мийнетиниң нәтийжелери сыпатында көплеген китаплар шығарылмақта. Өткен жыллар даўамында Европа тиллеринде Әмир Темурға бағышлап жазылған ири көлемли шығармалардың саны 500 ге, ал Шығыс тиллеринде болса 900 ден асқанлығын мақтаныш пенен тилге алыўымызға болады.

Илаж соңында тыңлаўшылар тәрепинен уллы сәркарданың өмир жолы ҳаққында сахналық көринислер қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги