Президент Шавкат Мирзиёев Шараф Рашидов районындағы Туёқли мәҳәллесинде болып, халықтыӊ турмыс шараяты ҳәм дәраматлары менен қызықты.
Мәҳәллелердеи имканиятларды иске қосып, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бүгин мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Онда еӊ қолайлы ҳәм ҳәммеге мақул болған имканиятлардан бири қыйтақ жерден пайдаланыў болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ быйыл 5-марттағы “Халық шаӊарақларында санаат усылында өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм қыйтақ жер менен дийқан хожалықларында жаӊа резервлерди иске қосыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарарында үлкен имканиятлар белгиленди.
Бундай исбилерменликти Туёқли мәҳәллесинде де көриў мүмкин. 678 шаӊарақтыӊ дерлик ҳәммесинде қыйтақ жер бар. Олардыӊ жәми майданы 36 гектар. Мийўели тереклер, жүзим ҳәм палыз өнимлери жақсы өним береди. 314 шаӊарақтағы ыссыханаларда палыз егинлери ҳәм гүл нәллери жетистириледи.
Мәмлекетимиз басшысы усы жерде жасайтуғын Абдумўмин Каримовтыӊ шаӊарағын кирип көрди.
Үйдиӊ қыйтақ жери 12 сотих, соннан 7 сотихында ыссыхана қурылған. Буннан тысқары, қарамал, таўық, пал ҳәррелери бағылады. Шаӊарақ ийеси руўзыгершиликке қолайлы егинлер жетистирип, жылына 200 миллион сумнан аслам дәрамат алып атырғанын айтып берди.
– Орташа мәҳәлледеги усы әпиўайы шаӊарақ мысалында көрип атырмыз, шаӊарақтыӊ өзинде ҳәрекет болса, жақсы дәрамат тапса болады. Халықтыӊ ықтыярында қыйтақ жерлер, оннан пайдаланаман деген инсанлар да көп. Тек оларға жәрдем бериў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президент усы жерде «мәҳәлле жетилиги» менен сәўбетлести. Орынлардағы имканиятларды толық иске қосыў арқалы шаӊарақлардыӊ дәраматын, сатып алыў қәбилетин арттырыў ҳаққында сөз болды. Бул олардыӊ турмысыныӊ сапасында, саламатлығында, перзентлериниӊ кәмалатында көринип, жәмийеттиӊ раўажланыўына үлес болып қосылатуғыны атап өтилди.
ӨзА