Кадастр агентлиги Мәмлекетлик кадастрлар палатасының 2024-жыл 28-февральдағы «Мәмлекетлик кадастрлар палатасы жергиликли басқармаларының материаллиқ-техникалық базасын жетилистириў ҳәм  геодезиялық өлшеў техникалық үскенелерин сақлаў ҳәм пайдаланыў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында»ғы буйрығына тийкарланып, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық филиалларына үлкен көлемли жумысларды орынлаўда анықлығы жоқары, қолайлықларға ийе топографиялық, геодезиялық өлшеў жаңа техникалық үскенелери тапсырылды.

Булар 3 дана CHNAV I-90 маркалы GPS, 9 дана KOLID GPS қабыллаў үскенелери, 7 дана STEK маркалы GPS заманагөй геодезиялық өлшеў әсбаплары болып, жер ҳәм имаратларды өлшеўди әмелге асырыў ҳәм есабын жүргизиўде жумыс нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырады.

Бул техникалық әсбап-үскенелердиң жумыс алып барыў принципи менен таныстырыў мақсетинде Нөкис қаласында тараў қәнигелериниң қатнасыўында көргизбели оқыў-семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда  жаңа заманагөй техникалық үскенелердиң ислеў қуўатлылығы көп ўақытқа жететуғынлығы, ҳәр қандай ҳаўа-райы жағдайында да, интернет байланысы төмен ямаса улыўма жоқ болған аймақларда да ислеўи менен бурынғы техникалардан жақсы екенлиги атап өтилип, түсиниклер берилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги