Елликқала районыныӊ ҳәкими В.Ниязымбетовтыӊ басламасы менен район орайында бос турған егислик майданында  “Ҳәкимлик бағы” шөлкемлестирилди.

“Жасыл мәкан” жойбары  шеӊберинде егиске таярланған жер майданына район белсендилериниӊ қатнасыўында түрли мийўели терек нәллери егилди. Келешекте бул жер район орайыныӊ пайызлы орынларыныӊ бирине айланады.

Бүгинги күни районныӊ барлық жерлеринде көклемзарластырыў жумыслары қызғын алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги