Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Беруний районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда тәбийғый газге нызамсыз жалғаныў жағдайы анықланды.

Атап айтқанда. “Q-Q.” фермер хожалығыныӊ жуўапкер шахслары усы фермер хожалығыныӊ турақ жай емес имаратында газ тармағына нызамсыз жалғанып, жәми 144,9 миллион сумлық  тәбийғый газден пайдаланған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги