Президентимиз Шавкат Мирзиёев 11-август күни Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласында болды.

Мәмлекетимиз басшысы «Алмалық кән-металлургия комбинаты раўажланыўының екинши басқышы» жойбары бойынша жумыслардың басланыўына бағышланған мәресимде қатнасты.

Алмалық кән-металлургия комбинаты елимиздиң реңли ҳәм қымбат баҳалы металлар ислеп шығаратуғын жетекши кәрханаларынан бири болып табылады. Бул инвестициялық жойбар еки басқышта әмелге асырылады.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын Раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында макроэкономикалық турақлылықты беккемлеў, экономиканың жетекши тармақларын модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, структуралық реформаларды тереңлестириў арқалы оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыў тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленген.

Быйылғы жылдың март айында Президентимиз тәрепинен Алмалық кән-металлургия комбинатын 2030-жылға шекемги дәўирде раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды. Бағдарлама шеңберинде мыс ислеп шығарыўды 1,4 есеге, қымбат баҳалы металларды ислеп шығарыўды 33 процентке арттырыў белгиленген.

Жойбарды өзлестириў процесинде бир темир жолды жаңа орынға өткериў, еки жаңа темир жол қурыў, автомобиль жолларын қурыў нәзерде тутылған. Узынлығы 1,4 километрлик туннель ҳәм 3,1 километр конвейер жолы қурылады, өндирис, транспорт, энергетика ҳәм басқа да инфраструктура объектлери қурылады. Жаңа мыс-байытыў комплексли, мысты электролизлеў, күкирт  кислотасын ислеп шығарыў цехлары менен басқа да инфраструктура объектлери қурылады.

Жойбар 2028-жылы толық қуўатлылық пенен иске қосылады. Нәтийжеде 10 мыңнан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Буннан тысқары, жас қәнигелер ушын 2017-2021-жылларда 400 шаңараққа мөлшерленген 9 жаңа көп қабатлы турақ жай, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм 240 орынлық 2 жатақхана қурылады.

Ислеп шығарылған өнимлердиң 50 проценти экспортқа шығарылады.

Мәресимде Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Елимиз жер асты байлықларына бай, лекин, биз оннан өнимли пайдалана алмай атырмыз, деди Президентимиз. Биз геология саласын раўажландырыўға толық итибар қаратпадық. Буннан былай бул бағдардағы жумысларды түп-тийкарынан жақсылаймыз ҳәм саланы жетилистиремиз.

Кешеги күн менен жасайтуғын ўақыт өтти. Бүгин заман өзгермекте, биз де усы өзгерислерге сәйкес түрде өзгериўимиз керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы усы жойбарды кадрлар менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратты. Бүгин бул тармақта ислеп атырған жаслардың көплигин есапқа алып, жаңадан ашылған кәнге «Ёшлик», деп атама бериўди усыныс етти.

Комплекске салатанатлы түрде ирге тасы қойылды.

Илажда комбинат белсендилери менен жаслар шығып сөйлеп, аймақлардың экономикасын раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислери ушын мәмлекетимиз басшысына миннетларшылық билдирди.

Президентимиз Алмалық қаласының бас режеси тийкарында әмелге асырылыўы режелестирилген қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарлары менен танысты.

Алмалық елимиздиң санааты раўажланған ири қалаларынан бири болып табылады. Аймақта жаңа кәнлердиң өзлестирилиўи, халық санының өсип барыўы қаланы социаллық-экономикалық раўажландырыўды талап етпекте. 2035-жылға шекем мөлшерленген бас режеге бола, Алмалықтың ҳәкимшилик аймағы 2 мың 600 гектардан 3,5 мың гектарға жеткериледи. Санаат аймағы қаланың орайынан алынып, заманагөй инфраструктураны раўажландырыў, халыққа қолайлы турақ жайлар нәзерде тутылған.

Жеңилликли ипотека кредити тийкарында берилетуғын жети қабатлы он турақ жай Ибн Сина көшесинде қурылмақта. Ҳәр бири 42 квартираға мөлшерленген бул турақ жайлардың дәслепки екеўи қурып пикерилиў қарсаңында. Бул турақ жайларда халыққа жасаў ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Жойбарға бола, бул жерде гипермаркет, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, мәденият ҳәм дем алыў бағы да қурылады. Бул халықтың абаданлығын жақсылаўда, хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Президентимиз халықтың турақ жайға болған талабын есапқа алып, тоғыз қабатлы жайлар қурыўды усыныс етти.

Жаңа жайлар Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы қарсаңында қала халқына мүнәсип саўға болады, деди Президентимиз. Жайлардың қурылысы жылдан-жылға кеңейип барады. Келешекте бул жерде барлық қолайлылықларға ийе заманагөй микрорайон бой тиклейди. Халқымыз да бизден ыразы болады.

Алмалық қаласындағы «Ойдин» дийқан ҳәм буйым базарының бүгинги жағдайы, хазмет көрсетиў дәрежеси талапқа жуўап бермей қалған. Сонлықтан усы базарларды капитал реконструкциялаў, қосымша имарат ҳәм саўда орынларын қурыў бойынша жойбар ислеп шығылды. Бул жойбарда дийқан базарындағы турақлы саўда орынларын тәртипке келтирип, буйым базары ушын 450 орынлық повильонлар, заманагөй автомашиналар туратуғын орын қурыў режелестирилген.

Президентимиз бул базарларда сатыўшылар менен қарыйдарларға жаратылатуғын шапраятлар менен қызықсынды. Объектлерди заманагөй қурылыс материалларынан пайдаланған ҳалда, қысқа мүддетте сапалы қурыў, қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша тийисли усыныслар берди.

Елимизде денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан реформалаў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, орынларда заманагөй емлеўханалар қурыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Алмалық қалалық балалар емлеўханасының реконструкциясы бул жумыслардың үзликсиз даўамы болып, балалардың саламатлығын қорғаўда, оларға өз ўақтында ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўде кең имканият жаратады.

Усы мәкемениң имаратында көп тармақлы орайлық поликлиника, тез медициналық жәрдем, жуқпалы кеселликлер, қан қуйыў бөлимлери басқа да бөлимлер орналасады. Емлеў-профилактика мәкемелериниң орайласыўы нәтийжесинде босаған имаратларда жаңа шаңарақлық поликлиникалар шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта. Бул, өз гезегинде, халыққа бирлемши медициналық жәрдемди жақынластырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Емлеўхана имаратын усы жылдың ақырына шекем иске қосыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы емлеўхананы заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмиийинлеў, бул ушын зәрүр қаржылар ажыратыў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

Президентимизге заманагөй типтеги қалалық ПҲАЖ бөлиминиң жаңа имаратының қурылыс жойбары таныстырылды. Бабур атындағы мәҳәлле аймағында қурылатуғын бул имаратта ПҲАЖ бөлими, нотариал мәкеме ҳәм «бир айна» орайы жумыс алып барады. Бул типтеги ПҲАЖ имараты дәслепки мәрте жойбарластырылған болып, әдиллик уйымларының бир орында орналасыўы халыққа сапалы юридикалық хызметлерди көрсетиў имканиятын береди.

Турмыста инсан ҳәр қыйлы мәселелер менен ҳәр түрли уйымларға мүрәжат етиўине туўра келеди деди, Шавкат Мирзиёев. Некеден өтип атырған жаслар, ҳуқықый мәселелер бойынша келген халық пенен исбилерменлерге бир орында жәрдем бериў хызмет көрсетиўдиң сапасын заман талаплары дәрежесинде шөлкемлестириў имканиятын жаратады. Жаңа жойбарға бола, бундай хызметлер көрсететуғын мәкемелер бир орайда жайласады. Некени дизимге алыў менен бирге, той мәресимлерин де усы орайларда өткериў бойынша усыныслар ислеп шығылмақта. Усылай етсек, ҳәм ПҲАЖ бөлими ислейди, ҳәм тәртип –интизам болады, тойларымызды мәдениятлы, унамлы етип өткериўге ерисемиз. Бул ушын усы жойбарды буннан былай да жетилистириў, қурылыс жумысларында ҳәр бир аймақтың ықлымын, өзине тән шараятын есапқа алыў зәрүр.

Усы жерде Алмалық қалалық Ақаба суўларды тазалаў объектин реконструкциялаў жойбарын танысытырыў да өткерилди.

Шавкат Мирзиёев Алмалық қаласының орайындағы 5/2 массивинде қурылып атырған 7 қабатлы, 2 ҳәм 3 квартиралы турақ жай имаратлары менен танысты. Он бес жылға жеңилликли ипотека кредити тийкарында берилетуғын бул турақ жайларда ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жуўмақланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы усы жайларда жаратылған шараятлар менен танысты. Жуўапкер адамларға қурылыс жумысларын сапалы орынлаў, объектлерди өз ўақтында қурып питкериў ҳәм тапсырыў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

Президентимиз Алмалық қаласының халқы менен пикирлести. Шын жүректен ҳәм ашық-айдынлық пенен болып өткен сәўбетте қала белсендилери менен жаслары мәмлекетимиз басшысына елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, ҳәр қыйлы әҳмийетли мәселелер менен машқалалар оперативлик пенен шешилип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Шавкат Мирзиёев Алмалық кән-металлургия комбинатының мысты еритиў фабрикасында ҳәм арнаўлы цехында болып, жумыс процеси менен танысты.

Буннан соң комбинаттың мәжилислер залында қала жаслары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Онда Алмалық қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў, Алмалық  кән-металлургия комбинатының материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери додаланды.

ӨзА