И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде сақланып атырған елимизге белгили художник Алексей Подковыровтың қыл қәлемине тийисли «Голубой вечер в горах» автопортрети өзиниң әпиўайылығы ҳәм тилсимлиги менен көриўшилерди өзине тартады.
Онда картина қаҳарманы өзи жасаған аймақта терек нәлин егиўге жер таба алмай ҳәлек болады. Бунда бир жер дузлы болса, бир жер қатты болып шығады. Картина сүўретленген ел, ондағы нәл егиўге жарамсыз жерлер ҳақыйқаттан да эмперикалық объектлер. Бирақ, художник усы эмперикалық фактлер арқалы өзиниң фантазиясы менен басқа мазмунды сүўретлейди. Ҳақыйқатын айтар болсақ, бул картинадағы қаҳарман қара топыраққа емес, ал, инсанлар кеўлине нәл екпекшидей туйылады. Картинадағы нәл, жерде көгерип атызға сән бериўши емес, ал, сол жәмийетте жасап атырған адамалардың жасаў орталығына сән беретуғын, ескирген ҳәм тозған системаны жаңалайтуғын үмитли нәл. Сүўретте сәўлеленген дузлы, қатты жерлер жәмийеттиң тозған, гөнерген буўынлары, ескилик сарқытлары ҳәм жаман иллетлер болып есапланады. Ал, жер болса, сол жарамсыз, дузлы иллетлер тәсиринде мийўе, нәл көгерте алмай атырған жәмийет деп түсиниў мүмкин. Художниктиң ойындағы пикирин ҳәм жәмийетти жақсылаў ушын келешек нәллери жасларды жаңа идеялар, жанландырыўшы, жаратыўшы системаны жәмийетке енгизиў керек, сонда ғана жерге еккен нәл көгереди ҳәм мийўелейди, жәмийет раўажланады деген идеяны басшылыққа алғанда ғана художникти түсинемиз ҳәм оның идеясын көркем өнер ықласбентлерине тереңирек жеткерип беремиз. Өйткен, көркем өнердеги көркем пикир бәрқулла объектив көринислер астына жасырынған болады.
Бул дөретпеде жоқарыдағы пикирдеги сыяқлы художник жаңаланыў жолында гүресип атыр. Дөретпедеги нәл образы эмперикалық көзқарастан баҳалағанда қоршаған орталыққа гөззалық, тазалық бағышласа, исскуство нәзери менен баҳалағанымызда жәмийетти жаңаландырыў, тазартыўшы образ сыпатында сәўлеленгенин аңлаймыз.
Сондай-ақ, картинада қуўрап атырған нәл, нәллерди көгертетуғын қунарлы жоқлығы көринип тур. Ал, ҳақыйқатында картина қаҳарманы жәмийеттеги процесске қаҳарман өзиниң жақсы тәсирлерин енгизе алмағанына, инсанлардың кеўлине үмит нәлин еге алмағанына, ол жасап турған жәмийеттиң буған жол бермей атырғанына өкиниш билдирип атырғандай сезиледи.
Бирақ, көркем дөретпени ҳәр ким өзинше түсинеди. Ал, мен өзимниң түсинигимди сизлер менен бөлиским келди.
Ферида Қурбанова,
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги