«Мәҳәлледеги орталық, халықтың бәнтлиги көпшилик жағдайда жаслардың тәлим-тәрбиясына байланыслы. Солай екен, мәҳәлле баслығы ата-аналар менен бирге мектеплер турмысында белсене қатнасыўы, жаслардың билими ҳәм кәсип ийелеўине итибарлы болыўы керек,» – деген еди Президентимиз 26-январь күни мектеп билимлендириўиниң сапасын жақсылаў илажларына байланыслы өткерилген презентация менен танысыў барысында.

Ҳақыйқатында да, мектеп мәселеси тек ғана билимлендириў тараўының емес, ата-аналар, мәҳәлле белсендилери, пүткил жәмийеттиң иси. Себеби, мектеп мәмлекет келешегиниң тийкары. «Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана» деген нақылдың негизинде де, әйне усы ҳақыйқат жәмленген. Барған сайын глобалласып атырған ҳәзирги заманда бул оғада әҳмийетли.

Буны жақсы түсинген Қараөзек районы Қойбақ аўыл пуқаралар жыйыны белсендилери аймақта жайласқан мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкеми менен бирге ислесиўди жақсы жолға қойған.

– Мәмлекетимиз басшысы жақында билимлендириўдиң сапасын арттырыўға бағышлап өткерген мәжилисинде мектеплердеги тәрбия ҳәм мәнаўият мәселесине өз алдына тоқтап өтип, «Мектеп – ата-ана – мәҳәлле» байланысын еле де беккемлеўге итибар қаратты- дейди жыйын ақсақалы Оразбай Серғазиев.-Сонлықтан бизлер мектеп муғаллимлери, оқыўшылардың ата-аналары менен тығыз бирге ислесиўди жақсы жолға қойғанбыз. Аймағымызда 1 улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып, оларда ертеңги келешегимиз болған балаларымыз заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта. Бизлер жаслар арасында ғалаба ен жайған социаллық тармақлардан дурыс пайдаланыў ҳәм олардың зыянлы тәсиринен қорғаныў, нәшебентлик ҳәм басқа да зыянлы иллетлерден өзлерин сақлаў бойынша өзлеримиздиң жасы үлкенлик мәсләҳәтлеримизди беремиз. Буның нәтийжесинде аўылымыз жаслары арасында ҳеш қандай ҳуқықбузыўшылық жағдайы жүз бермеди.



Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары республикамыз басшыларының аймаққа қаратып атырған итибары нәтийжесинде, «Қойбақ» елатында бир қатар унамлы өзгерислер жүз берди. Атап айтатуғын болсақ, 2021-жылы жыйын орайы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, ишки жоллар оңланды. Көшелерге электр бағаналары орнатылып, жаңадан линиялар тартылды. Халықтың ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде, еки жерде жер асты суўын душшыландырыўшы станциялар иске түсирилди. Наманган ўәлаяты Чуст районы ҳәкимлигиниң жәрдеми менен мектеп жанынан заманагөй жасыл қапламалы футбол майданшасы, асхана ҳәм шаштәрезханалар қурып берилди. 2016-жылы медицина мәкемелериниң оптималластырыўы есабынан жабылып қалған, жыйын орайындағы аўыллық шыпакерлик пункти капитал оңлаўдан шығарылып, қайтадан өз жумысын баслады.




-Жыйын бойынша 362 ҳаял-қызлар бар,-дейди аймақтағы ҳаял-қызлар белсендиси Гүлнара Бекимбетова.-Солардан 85и мектеп жасындаға оқыўшылар, 17си жоқары оқыў орынларының студентлери, 63и пенсионерлер, 42си жумыста ислейтуғынларды қурайды. 63 ҳаял-қыз болса, үй бийкеси, 14и жумыссыз болып табылады. Мине, усы пуқаралардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 7 ҳаял-қызымыз район орайында шөлкемлестирилген моноорайда тигиўшилик ҳәм кондитерлик кәсиплерине оқытылды. Соның ишинде, аймақ турғыны Тамара Жолмурзаеваға асхана ашыўы ушын «Агробанк»тиң районлық бөлиминен 14 процентлик жеңиллетилген кредит алып берилип, асхана иске түсирилди. Сондай-ақ, Арзымхан Ембергенованың имканияты шекленген баласының Ташкент ҳәм Наманган қалаларына барып емлениўи ушын ҳаял-қызлар дәптери есабынан 1млн 230 мың сум, Президентимиздиң 165-қарары тийкарында 1млн 100 мың сумнан материаллық жәрдем пуллары төлеп берилди. Усылар менен бир қатарда, А.Ембергеноваға районлық ишки ислер бөлими тәрепинен 10 млн сум, «Сақаўат» қоры есабынан 3млн сум жәрдем пуллары алып берилди.

-Аймағымыз халқының социаллық турмысын жақсылаў ушын ажыратылған 500 млн сум есабынан 1 км аралыққа қуяштан энергия алыўшы заманагөй электр шырақлары, жыйын кеңсесине қуяш панели қурылып, 2,4 км аралықтағы жолларға қум-шағыл тас араласпасы төселди,-дейди жыйын ақсақалы өз сөзин даўам етип.- Дағар аўылына болса, жаңадан трансформатор қурылмақта. Сондай-ақ, аймақта қәўипсизликти сақлаў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде, 3 орынға видеобақлаў үскенелери орнатылды.

Әлбетте, жыйында жүргизилип атырған бундай ийгиликли ислердиң барлығы «Инсан қәдири» принципи тийкарында исленип атырған жумыслардың айқын көриниси болып табылады. Тынышлық ҳәм татыўлық ҳүким сүрген жерде раўажланыў ҳәм алға илгерилеў болады дегени усы болса керек.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы