Нөкис қаласындағы Жаслар технопаркинде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшыларға 2024-жыл даўамында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде шөлкемлестирилетуғын спорт жарыслары, таңлаўлар ҳәм басқа да илажлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.




Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды көркем өнерге, исбилерменликке, китапқумарлыққа, спорт пенен турақлы шуғылланыўына қызықтырыў мақсетинде ҳәр жылы өткерилип киятырған бул илажлар быйыл да ҳәр қыйлы спорт түрлери бойынша басқышпа-басқыш жылдың ақырына шекем даўам еттириледи.

Быйыл мәҳәллелердеги жаслар арасында спорттың жеңил атлетика, стол тенниси, шахмат, шашка, армрестлинг, волейбол, стритбол, миллий гүрес, киши футбол, футбол, гимнастрада, Workout ҳәм параспорт түрлери бойынша жарыслар бес басқышта өткерилиўи режелестирилген.

Волейбол бойынша ИИМ кубоги ушын жарыслар 16-21 ҳәм 22-30 жастағы өспиримлер ҳәм қызлар арасында, миллий гүрес бойынша Бас Прокурор кубоги ушын жарыслар 18-30 жастағы өспиримлер ҳәм қызлар арасында өткериледи.

Мектеп оқыўшылары арасында спорттың шашка, жеңил атлетика, стол тенниси, киши футбол, волейбол түрлери ҳәм «Қуўнақ стартлар» бойынша ул ҳәм қыз балалар арасында үш басқышта, билимлендириў мәкемеси, қалалық ҳәм районлық ҳәм аймақлық финал басқышы көринисинде өткериледи.

Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары арасындағы спорттың жеңил атлетика, стол тенниси, стритбол, киши футбол ҳәм волейбол түрлери бойынша өспиримлер ҳәм қызлар арасындағы жарыслар төрт басқышта, топарлар аралық факультет, факультетлер аралық жоқары билимлендириў мәкемеси, аймақлық ҳәм аймақлар аралық республикалық финал басқышы көринисинде болады.

– Параспорт түрлери бойынша жарысларды шөлкемлестириўде пара жеңил атлетика, пара стол тенниси, пара шахмат, пара шашка, пара стол тенниси (майыплық арбашасында) үш басқышта, яғный, апрель айында қалалық ҳәм районлық, май айында аймақлық, июнь айында республикалық басқышларға бөлинип өткериледи,-дейди Спорт министрлигиниң Fалабалық спортты раўажландырыў бөлиминиң баслығы И.Қудияров.

Бул жарысларды өткериўде жарысқа қатнасыўшыларды жыйнаўдың, оны шөлкемлестириўдиң қыйыншылықлары, өзгешеликлери есапқа алынып, айрықша итибар қаратылады.

Жеңимпазлар мүнәсип түрде сыйлықланып барылады. Быйылғы жарыстың және бир мүмкиншилиги бир жарыста орын ала алмай қалған жас, жарыслар ҳәр қыйлы аралықларда өткерилетуғынлығы ушын және бир басқа жарысқа қатнасыў мүмкиншилигине де ийе бола алады.

Қатнасыўшылар жарысты шөлкемлестириў, оны халыққа кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардың хабардарлығын арттырыў, жарыс қатнасыўшылары ушын жаратылатуғын шараятлар, баҳалаў тәртип-қағыйдалары ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги