Нөкис районындағы қәнигелестирилген мектепте Өзбекстан Республикасы Президенти саўғасы ушын «Шет тилин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға 25 мектептен 124 оқыўшы қатнасып, олардың билимлери тест сынағы тийкарында баҳаланып барылды.

Таңлаў жуўмағында биринши орынды 4-санлы, екинши орынды 21-санлы ҳәм үшинши орынды 19-санлы улыўма билим бериў мектеплери ийеледи.


Илажға  район ҳәкиминиң орынбасары  Қ.Моятдинов қатнасып, жеңимпазларды қутлықлады ҳәм биринши орынға 100 млн сум, екинши орынға 75 млн сум, үшинши орынға 50 млн сумлық сертификатлар тапсырылды.



Биринши орынды ийелеген 4-санлы мектеп оқыўшылары таңлаўдың  республикалық басқышына жоллама алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги