Доҳа қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти жәрдемшиси Саида Мирзиёева Қатар Бас министри, Сыртқы ислер министри, шейх уллы мәртебели мырза Муҳаммад бин Абдулраҳмон Ол Соний менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында Саида Мирзиёева өзиниӊ рәсмий бетинде мәлим етти.

Ушырасыўда Өзбекстан-Қатар қатнасықларын раўажландырыў перспективалары, сондай-ақ, келеси илажлар кестеси толық додаланды.

Сәўбет даўамында өз-ара байланысларымыз 2023-жылы жаӊа басқышқа өткени атап өтилди. Самарқанд (2023-жыл 5-6-июнь) ҳәм Доҳа (2023-жыл 2-октябрь) саммитлери тарийхый әҳмийетке ийе, бирге ислесиўдиӊ жаӊа тәреплерине есик ашты. Өзбекстан менен Қатар арасындағы қатнасықларда пүткиллей жаӊа дәўир басланды, деп айта аламыз.

— Бизлер өз-ара мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыўдан мәпдармыз. Қатарлы бирге ислесиўшилер менен беккем байланысып, биргеликтеги жойбарлар жедел әмелге асырылады, деген нийеттемиз, – дейди Саида Мирзиёева.

Еслетип өтемиз, алдынырақ Саида Мириёева айырым министрликлердиӊ басшылары менен ушырасыў өткерген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги