Соңғы жыллары дүнья жүзиниң көплеген еллери сыяқлы бизиң елимизде де суў мәселеси ең баслы машқалалардың бирине айланып бармақта.

Әсиресе, XX әсирдиң 60-70-жылларынан баслап Орта Азия республикалары аймағынан миллионлаған гектар жаңа егислик жерлердиң өзлестирилиўи себепли, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суўларының Арал теңизине түсиўи азайды ҳәм 1980-жылларға келип улыўма тоқтады. Буның нәтийжесинде, Арал теңизиниң суўлары кем-кемнен тартылып, оның орнында жаңа шөлистанлық Аралқум пайда болды.

Бул әлбетте, халқымыз турмысына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип, адамлар арасында ҳәр қыйлы кеселликлердиң пайда болыўына, аўыл хожалығы тараўында егислик жерлер майданының қысқарыўына алып келди.

Сонлықтан,  бүгинги күни елимизде бар суўдан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда егислик майданларымызға суўдан үнемли пайдаланыўшы жаңа заманагөй технологияларды енгизиў, канал, жап-салмаларды реконструкциялаў бойынша кең көлемли жумыслар жүргизилмекте.

Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Бозатаў  районында да бул бағдарда бир қанша унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытлары егислик майданларға барыўшы суў каналлар ҳәм ишки жап-салмалар қазылып, оларды бетонлаў жумыслары қызғын жүргизилмекте.

-Быйыл белгиленген реже бойынша 200 км аралықтағы ишки-жап-салмаларды бетонлаў жумыслары алып барылады,-дейди бизге Бозатаў районлық суўды жеткерип бериў мәмлекетлик шөлкеминиң баслығы Баҳадыр Қурбаниязов.-Соннан бүгинги күнге шекем 2,5 км узынлықтағы жап-салмаларды бетонлаў ислери әмелге асырылды ҳәм бул жумыслар еле даўам етпекте. Алдағы ўақытлары районымыз аймағында бул бағдардағы ислер белгиленген реже тийкарында алып барыла береди. Бул ушын бизлерде жеткиликли муғдарда имканият ҳәм мүмкиншилик бар.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.