Усы  жыл 19-февраль күни «Уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди. 

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында түркмен халқының уллы перзенти Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллық юбилейине арналған «Туўысқан халықлар дослығын беккемлеўде Мақтымқулы дөретиўшилигиниң тутқан орны» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Онда атап өтилгениндей, быйыл абырайлы халықаралық шөлкем – ЮНЕСКО ның басшылығында Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниң 300 жыллық қутлы юбилей сәнеси дүнья көлеминде кеңнен белгиленип атырғаны да шайырдың әдебий мийрасы дүнья сөз өнериниң ғәзийнесине айланып, адамзаттың руўхый дүньясын жоқарылатыўға хызмет етип киятырғанынан дәрек береди.

Мақтымқулы өз дәўиринде Хийўадағы белгили Шерғазыхан медресесинде билим алғаны, Әлийшер Наўайыдай уллы сөз шеберин өзине устаз деп билгени халықларымыз арасындағы ҳақыйқый дослықтың әжайып үлгиси. Мақтымқулы Хийўада оғада көп устаз ҳәм кәсиплеслер, дос ҳәм ықласбентлер тапқан, бул жерде өткерген жылларын миннетдаршылық менен еслеп, гөззал қосықлар жазғанын өзбекстанлы китапқумарлар жақсы биледи.

-Түркмен  халқының классик шайыры Мақтымкулы тек ғана түркий халықлар емес, соның менен бирге дүнья әдебияты ҳәм мәденияты тарийхында өз алдына орын ийелеген белгили шайыр ҳәм ойшыл еди,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры О.Гайлыева. – Дана сөз шебериниң терең гуманизм менен суўғарылған дөретпелери мәрт ҳәм сабырлы, мийнеткеш түркмен халқының ийгиликли қәдириятлары ҳәм уллы пазыйлетлерин жырлаў, бәрқулла халық пенен дәртлес болыўға, түрли миллет ҳәм халықлар арасында өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеўге қаратылған мазмун-мәниси менен бәршемиз, әсиресе, жасларымыз ушын үлги болып табылады.

Әдебий кешеде қатнасыўшылар тәрепинен шайыр шығармаларынан сахналық көринислер қойып берилди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги