Ҳәр қандай көп миллетли ҳәм көп динли мәмлекетте миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик елдиң раўажланыўына тийкар жаратады.

Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм оннан аслам конфессия ўәкиллери өз-ара тынышлық ҳәм татыўлықта жасамақта. Бул мәмлекетимизде басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған инсаныйлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында қурылған сиясаттың нәтийжеси болып есапланады.

Елимизде барлық милетлер ҳәм конфессия ўәкиллери ушын өзлериниң арзыў-нийетлерине ерисиўине теңдей имканиятлар жаратылған. Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» сүрени астындағы дослық ҳәм мәденият фестивальлары да усы мақсетке хызмет етпекте. Бул илажлар миллетшилик ҳәм экстремизмге қарсы идеологиялық иммунитетке ийе, беккем идеяларға садық болған бәркамал әўладты тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» атамасындағы фестиваль шеңберинде «Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында «Миллетлер аралық татыўлық» тийкарғы бағдар» атамасында байрам кешеси өткерилди.





Илажға тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, миллий-мәдений орайлардың ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы Қ.Қодиров, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, халықлар дослығының елимиздиң турақлы раўажланыўындағы әҳмийети, усындай аўызбиршиликти сақлап, жарқын келешекке қарай биргеликте қәдем таслаўымыз зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Әсирлер даўамында ҳәр қыйлы халықлар ҳәм елатлар елимиз аймағында аўызбиршиликли жасап, аўылы аралас, қойы қоралас болып, халықлар арасында өз-ара дослық, кеңпейиллик ҳүким сүрген. Бүгинги илаж себепли жасы үлкенлер, орта жастағылар ҳәм жаслар жыйналып, байрам кеўилли түрде жақсы өтип атырыпты. Бул илаж халықлар дослығын беккемлеўде әҳмийетли болып, фестивальда айтылған пикирлер жасларды дурыс жолға салыўда, олардың аўызбиршилигин беккемлеўде, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди сақлаўда, оны жасларға үйретиўде, тилин, мәдениятын умытпаўда үлкен рол атқарады. Буның барлығы Өзбекстандағы барлық миллетлердиң тең ҳуқықлы екенлигин билдиреди, оның раўажланыўы ушын бирге ат салысып ҳәрекет етиўге шараят жаратады. Бизиң Қазақ мәдений орайы да усындай илажларға белсене қатнасып, бундай ийгиликли мақсетлерге ерисиўде өз үлесин қосқаны жақсы нәрсе, деп ойлайман. Себеби, аўызбиршилик бар жерде берекет бар,-дейди Қазақ мәдений орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Асқар Умбетаев.

Илажда қатнасыўшылар ушын республикамызда қатықтай уйып, аўызбиршиликли түрде жасап атырған туўысқан өзбек, рус, украин, түркмен, қазақ, кореец ҳәм басқа да халықлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзине сәўлелендириўши көргизбелер қойылып, өз-ара сәўбетлесиўлер өткерилип, пикир алысты.

Илаж институттың талантлы сутудент-жасларының атқарыўындағы миллетлер аралық татыўлықты, дослықты жырлаўшы аяқ ойынлар ҳәм концерт номерлери менен даўам етти.






Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги