Беруний районы әдиллик бөлими тәрепинен Шимом аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 52-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Ҳуқықты билиў – раўажланыў гилти” сүрени астында дөгерек сәўбети өткерилди.

Өзбекстан Ренспубликасы Әдиллик министриниӊ усы жыл 13-январьдағы буйрығы тийкарында ҳәр ҳәптениӊ сәршембисинде белгиленген “Ҳуқықый мәлимлеме күни” жойбары шеӊберинде өткерилген илажда жаслар арасында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниӊ мазмун-мәниси, олардыӊ ҳуқықый билимлерин жетилистириў бойынша пикир алысыўлар болды.

Сондай-ақ, бағдарламаныӊ 13-бәнтиниӊ талабын орынлаў мақсетинде жаслар ҳәм олардыӊ ата-аналары, жуўапкер хызметкерлердиӊ қатнасыўында жәмлеспеген жаслар, тынышсыз шаӊарақлардыӊ перзентлери, жумыссыз, сондай-ақ, “ғалабалық мәденият” тәсирине түсип қалған жаслар менен ислесиў мәселелери сөз етилди.

Сәўбетлесиў даўамында жаслар арасында диний кеӊпейиллик, миллетлер аралық татыўлық сезимлерин қәлиплестириў, жат иллетлердиӊ тәсирине түсип қалыўдыӊ алдын алыў бойынша түсиник берилди. “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда олардыӊ исбилерменлик бағдарында билимлерин арттырыў, түрли бизнес жобалар ислеп шығыўына жәрдем бериў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги