ӨзЛиДеП Төрткүл районлық Кеңеси тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары шеңберинде медицина тараўы ўәкиллериниң арасында «Өзбекстан – 2030» стратегиясы мәмлекетлик бағдарламасын додалаўға бағышланған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Онда партияның районлық Кеңеси аппарат басшысы У.Бабажанов, районлық медицина бирлеспесиниң психиаторы З.Игиликова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, медицина тараўына қаратылған итибар, стратегияда белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпаларды атап өтип, шаңарақта саламат орталықты қәлиплестириў, саламат турмыс тәризи, медициналық мәденият ҳәм наркотикалық затлардың тарқалыўының алдын алыў, олардың инсан организмине унамсыз тәсири, ақыбетлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.


Өзбекстанда социаллық мәмлекет қурыў стратегиялық мақсет етип белгиленип, халық ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў бойынша барлық илажлар әмелге асырылады.

Стратегияда медицина мәкемелерин санластырыўды 100 процентке жеткериў идеясы алға қойылған. Онда терең мәни бар. Себеби, дүнья жедел өзгерип атырған ҳәзирги ўақытта санлы технологиялардан кеңнен пайдаланыў, денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыўдың тийкарғы факторларынан бирине айланды. Усы ўақытта дүньяның көплеген алдынғы мәмлекетлеринде медицинаны санластырыў ғалаба ен жайып атырғаны буған айқын дәлил болады. Буның барлығы халқымыздың саламатлығын беккемлеў, физикалық жақтан саламат әўладты кәмалға келтириў мақсетине хызмет етеди.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги