Бирлескен Араб Әмирликлери Дубай қаласында Дүнья ҳүкиметлери саммити (World Governments Summit) болып өтпекте.

2013-жылдан баслап ҳәр жылы өткерилип киятырған конференцияның бул реткиси «Келешек ҳүкиметин қәлиплестириўге қарай» атамасында шөлкемлестирилди.

Илаж шеңберинде 15 форум, 23 ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбети, 120 дан аслам интерактив сессия ҳәм семинар режелестирилген.

Қатнасыўшылар – 200 спикер, 120 сырт ел делегациясы, 27 халықаралық шөлкем басшылары, соның ишинде, мәмлекет ҳәм ҳүкимет жетекшилери, ири бизнесменлер арасында мәмлекетимиз ўәкиллери де бар.

Саммит бағдарламасына муўапық, «Ҳүкимет қурамында инсан ресурслары перспективасы» атамасындағы дөгерек сәўбетинде 20 ға шамалас мәмлекеттен инсан ресурслары ҳәм кадрлар сиясатына жуўапкер уйым басшылары қатарында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Кадрлар ҳәкимшилиги департаменти қәнигелери де қатнаспақта. Делегациямыз ағзалары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалар, мәмлекетлик хызмет системасы трансформациясы, санластырыў процесин ҳәм енгизилген электрон платформалар (hrm.argos.uzvacancy.argos.uzsamaradorlik.uz) ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Дөгерек сәўбетинде инсан ресурсларын басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, санлы технология имканиятынан кеңнен пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер ушын әҳмийетли болған көнликпелер бойынша пикир алыспақта.

Г.Сатторова, ӨзА