Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы кеңеслериниң биргеликтеги мәжилиси болып өтти. Онда кеңеслердиң ағзалары, депутатлар, сенаторлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте 2024-жылға мөлшерленген социаллық-экономикалық раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша белгиленген илажлардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳаққындағы мәселе додаланды.

Мәмлекетимизде социаллық-экономикалық раўажланыў, атап айтқанда, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, инвестиция, экспорт көлемлерин кеңейтиўге итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Аўыл хожалығы, турақ-жай қурылысы, коммуналлық, транспорт, экология тараўлары, сондай-ақ, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, санластырыў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарларында усы бағдарларда алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген.

Додалаўлар процесинде 2024-жылға мөлшерленген социаллық-экономикалық раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша белгиленген илажлардың орынланыўы үстинен системалы парламентлик қадағалаўды жолға қойыў, бул бағдарда парламент ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң белсене қатнасыўын тәмийинлеў мәселелерине итибар қаратылды.

Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша парламент комиссиясының 2023-жылдағы жумысы көрип шығылды.

Парламент комиссиясы Мәмлекетлик бюджеттен 2023-жыл ушын ажыратылған 226 миллиард 490 миллион сум қаржыны мәмлекетлик субсидия түринде 191 миллиард 490 миллион сум, мәмлекетлик социаллық буйыртпа тәризинде 18 миллиард сум ҳәм мәмлекетлик грант түринде 17 миллиард сум муғдарында қаржыландырыў ҳаққында қарар қабыл еткен.

Жәмийетлик фонд тәрепинен 38 мәмлекетлик коммерциялық шөлкемниң устав жумысы ҳәм жыллық ис-режесиниң орынланыўына 123 миллиард 338 миллион сум, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Қеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеслери жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондларына қосымша мәмлекетлик субсидия тәризинде қоллап-қуўатлаў ушын 68 миллиард 152 миллион сум қаратылған.

Парламент комиссиясының қарарлары тийкарында Мәмлекетлик бюджет есабынан «Нураный» қорына 35 миллиард 182 миллион сум ҳәм Прогрессив реформалар орайына 6,5 миллиард сум қосымша мәмлекетлик субсидия түринде қаржы қаратылған.

Жәмийетлик фонд тәрепинен 2023-жылы мәмлекетлик грантлардың 6 таңлаўы өткерилген 200 жойбар 18 миллиард сумға қаржыландырылған.

Мәмлекетлик грантлардың билимлендириўдиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қурылыс, коммунал хожалығы, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик сыяқлы тараўларда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған буйыртпалары тийкарында Жәмийетлик фонд тәрепинен 11 социаллық буйыртпаға ашық таңлаў жәрияланған.

Додалаўлар ўақтында тараўлар кесиминде тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте белгили социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўге қаратылған социаллық әҳмийетке ийе жойбарлар көлемин басқышпа-басқыш  арттырып барыў, өткерилетуғын таңлаўлардың барлық басқышларын санластырыў арқалы ашық-айдын ҳәм саламат бәсеки орталығын жаратыў керек екени атап өтилди.

Мәжилисте Олий Мажлистиң Египет Араб Республикасы парламенти менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топардың жаңа қурамын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Додаланған барлық мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы кеңеслериниң биргеликтеги қарарлары қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА