Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко 7-9-февраль күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.

Сапар бағдарламасына муўапық жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилиўи, оларда Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылыўы режелестирилген.

Өз-ара товар алмасыўды арттырыў, аўыл хожалығы, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика, коммуникациялар ҳәм басқа тармақларда кооперация байланысларын раўажландырыў мәселелери дыққат орайында болады.

Профессионал билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарламалары да додаланады.

Сөйлесиўлер жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлер топламын қабыл етиў нәзерде тутылған.

Усы күнлери, сапар алдынан Ташкент қаласында еки мәмлекет аймақлары ҳәм исбилерменлериниң қатнасыўында бир қатар исбилерменлик илажлары – Халықаралық форум ҳәм исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси өткерилип атырғанын атап өтиў керек.

ӨзА