Өзбек ҳәм ҳинд халықларын көп әсирлик тарийх, илимий, әдебий-ағартыўшылық ҳәм саўда қатнасықлары байланыстырып турады. Халықларымыздың мәдений қатнасықларының тереңлиги ҳинд халқының тарийхы ҳаққындағы Әбиў Райхан Берунийдиң «Ҳиндстан», Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың «Мухтасар ямаса Рисолай Аруз» сыяқлы бийбаҳа шығармаларында сәўлеленген. Елимизде ҳинд халқының белгили ғайраткерлери Вивекананда, Мырза Ғолиб, Робиндранат Тагор, Маҳатма Ганди сыяқлы шахсларды жақсы биледи.
Улыўма, көп әсирлер алдын ата-бабаларымыз тәрепинен тырнағы қаланған Өзбекстан-Ҳиндстан қатнасығы бүгинги күнде де өз-ара исеним ҳәм дослық принципи тийкарында табыслы раўажланбақта.
Күни кеше Дели қаласында Ҳиндстан Мәденият министрлиги жанындағы «Sahitya» академиясында мәмлекетимизден барған өзбек шайыр ҳәм жазыўшылары, көркем өнеримиз ғайраткерлери ҳәм илимпазларынан ибарат делегация ўәкиллериниң қатнасыўында мәдений-ағартыўшылық ушырасыў өткерилди.
Илажды усы академия баслығы К.Шриниваса Рао ашып, өзбекстанлы дөретиўшилер бирге ислесиўди беккемлеўге мүнәсип үлес қосып атырғаны, және бир мәрте өзбек көркем өнери ҳәм әдебияты менен жақыннан танысыў имканияты туўылғанынан қанаатланыўшылық билдирди.
Делегациямыз ағзасы, журналист ҳәм аўдармашы Асрор Аллаёров еки мәмлекеттиң дөретиўшилери ҳәм илимпазларының тиккелей сөйлесиўи шерикликтиң жаңа бағдарларын ашыўда өз-ара көпир ўазыйпасын өтейтуғынына исеним билдирди.
Соң ўәкиллеримиз гезек пенен өз дөретиўшилик дәреклеринен оқып берди. Әсиресе, Өзбекстан халық артисти Гавҳар Матёкубованың миллий аяқ ойыны көркем өнери, атап айтқада, лазги ҳаққындағы пикирлери ҳинд көркем өнер таныўшыларында айрықша тәсир қалдырды.
-Ҳинд ҳәм өзбек халықларының тамырлары терең, мәденияты уқсас, – деди Ҳиндстан мәдений қатнасықлар консуллығы (ICCR) директорының орынбасары Абҳай Қумар ӨзАның хабаршысына берген интервьюинде. Ең әҳмийетлиси, қатнасықларымыздың раўажланыўы жолында әдебият ҳәм көркем өнердың орны шексиз. Биз ушын Орайлық Азия мәмлекетлери әдебияты ҳәм мәденияты оғада қызық. Мәселен, өзбек аяқ ойыны көркем өнериниң даўрығы бизге мәлим. Миллетиңиз усы қәдирият пенен мақтанса арзыйды.
Әнжуман шеңберинде өзбек дөретиўшилериниң бир неше көркем ҳәм илимий шығармалары академия китапханасына саўға етилди.
Күнниң екинши ярымында мийманлар ушын Маҳатма Ганди мемориал музейи бойлап сейил шөлкемлестирилди.
Усы ушырасыўдың мағлыўматын Ҳиндстанның бир қатар баспалары, атап айтқанда, «ETV Bharat News», «Rudha News Express» сыяқлы мәлимлеме порталлары кеңнен сәўлелендирди.
Өткир АЛИМОВ, ӨзА