Президент Шавкат Мирзиёев 6-февраль күни электромобиль ислеп шығарыўды кеӊейтиў илажлары бойынша презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде автомобиль қурылысы бойынша үлкен тәжирийбе ҳәм инфраструктура бар. Бүгинги күнде 8 заводта онлаған түрдеги автомобильлер, жолаўшы ҳәм жүк машиналары, аўыл хожалығы ҳәм арнаўлы техникалар ислеп шығарылмақта. Және 2 мыӊнан аслам кәрханада кооперация тийкарында комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер таярланбақта.

Өткен жылы декабрьде болған мәжилисте мәмлекетимиз басшысы электромобильлер турмысымызға тез кирип киятырғанын атап өтип, бул тараўды өзлестириў бойынша тапсырмалар берген еди. Усы жылы январьда Қытайға мәмлекетлик сапары даўамында Президентимиз “BYD” компаниясыныӊ бас резиденциясында болды. Усы компания менен биргеликте Жиззақ ўәлаятында гибрид ҳәм электр автомобильлерди жыйнаў бойынша жойбар басланды. Компания басшысы менен сөйлесиў барысында жақын перспективада өндирис қуўатлығын жылына 500 мыӊ данаға жеткериў бойынша пикир алысылған еди.

Бул заман талап етип атырған бағдар. Соӊғы үш жылда Өзбекстанда электромобильлерди сатыў 10 есеге көбейген. 2023-жылы импорт етилген автомобильлердиӊ 35 процентин электромобиль ҳәм гибридлер қураған.

Соныӊ ушын жуўапкерлерге бул бағдардағы шеклерди кеӊирек алып, жойбарларды жеделлесириў бойынша көрсетпелер берилди. “BYD” компаниясы бирге ислесиўшилерди тартып, электромобильлер ушын комплектлеўши бөлеклерди өзлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Бул жаӊа тармақта бәсекиге шыдамлы болыў ушын, бәринен бурын, инновация ҳәм алдынғы технологиялар керек. Соныӊ ушын Турин политехника институты, инженерлик орайлары, илимий институт ҳәм лабораторияларды өз-ара байланыстыратуғын бир пүтин система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, бул тараў раўажланыўы менен қәниге ҳәм жумысшыларға талап артады. Жақын үш жылда бул талап 10 мыӊға жетиўи мүмкин. Соныӊ ушын маман кадрларды таярланўды ҳәзирден баслаў керек екени атап өтилди.

Электромобильлерди қуўатлаў станцияларын раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылыўы белгиленди.

ӨзА