29-күни Нөкис олимпиада резервлери колледжинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшы жаслары  арасында  XXXVI-«Қуўнақ стартлар-2018» телезиялық жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Оған Нөкис қаласынан, Нөкис, Әмиўдәрья, Беруний, Шымбай, Кегейли, Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районларынан спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында Нөкис районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Ақмаңғыт» командасы биринши, Қанлыкөл районындағы  2-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң «Дослық» командасы екинши, Беруний районындағы 59-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң «Туран» командасы үшинши орынды ийеледи.

Солай етип, «Ақмаңғыт» командасы июнь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын финаль басқышына  жоллама алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы