Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Өсимликлер экологиясы лабораториясы тәрепинен «Аралбойы аймағындағы күшли аридизация шараятында Қарақалпақстан өсимликлериниң ресурс потенциалын изертлеў, өсимликлер интродукциясы есабынан шорланған жерлердиң ҳәм деградацияға ушыраған топырақлардың өнимдарлығын биологиялық тиклеў» атамасында илимий-изертлеў жумыслары әмелге асырылмақта.

 Бизге бул жойбардың авторлары тәрепинен изертленген аймағымызда тәбийғый шараятта сийрек ушырасатуғын, дузға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлердиң түрлери ҳәм олардың популяцияларының ҳәзирги жағдайы бойынша Өсимликлер экологиясы лабораториясының баслығы, биология илимлериниң кандидаты, доцент Холида Матжанова төмендегише мағлыўмат берди.

– Изертлеўлердиң мақсети – Қарақалпақстан аймағында тарқалған айырым пайдалы өсимликлердиң ресурс потенциалын, олардың тарқалыў ареалларын анықлаў, оларды және де кеңирек коммерциялық мақсетте пайдаланыўға усыныс бериў ушын илимий қолланбалар ислеп шығыў, Қубла Аралбойы дендрофлорасы көп түрлилигин сақлап қалыў, кем ушырасатуғын ҳәм азайып баратырған өсимлик түрлерин интродукция усыллары арқалы көбейтиў ҳәм қорғаў, Қарақалпақстанның Үстирт бөлиминдеги қурғақшылыққа ҳәм шорланыўға шыдамлы от-жемлик өсимликлериниң түрлерин анықлаў ҳәм деградацияға ушыраған жайлаўларды перспективалы түрлердиң жәрдеминде фитомелиорациялаў жумысларын алып барыўдан ибарат.

Өткен жыллар даўамында бул бойынша бир қатар жумыслар алып барылды. Мәселен, 2021-жылы жабайы түрде өсетуғын галофит ҳәм ксерофит өсимликлеринен ажырық, бир қатар сора, қарабарақ, сексеўил, жүзгин, терескен сыяқлы өсимликлердиң төмендегише пайдаланылыўы усыныс етилди.

Яғный, А) Орталық пайда етиўшилик: ландшафтларды жақсылаўшы, деградацияға ушыраған топырақларды беккемлеўши ҳәм жерлердиң бетинен дуз ҳәм шаңлардың көтерилиўиниң алдын алыўшы ретинде. Б) от-жемлик: топырақлардың шорланыўы ҳәм суў жетиспеўшилиги жайлаўлардың деградацияланыўына себепши болып, көпшилик от-жемлик өсимликлер тәбийғый флора қурамынан шығып кетип, бундай жерлерде шорға шыдамлы галофит өсимликлерди қолдан жетистириў технологиясын ислеп шығыў керек.

Изертлеўлердиң нәтийжелерине тийкарланып, жайлаўларды өсимлик түрлери менен байытыўға мүмкиншилик беретуғын от-жемлик галофит ҳәм ксерофит өсимликлердиң дизими таярланды.

Ал, 2022-жылы Қарақалпақстан флорасындағы кем ушырасатуғын ҳәм сийрек қалған өсимликлердиң түрлери, олардың тарқалыў ареалы ҳәм сийрек гезлесетуғын түрлери изертленди.

Қубла Аралбойы аймақларындағы өзгерип баратырған тәбийғый шараятта шорланған топырақлардың майданы кеңейип бармақта. Суў ресурсларының жетиспеўшилиги суў объектлериниң қурғаўына ҳәм майданының қысқарыўына алып келмекте. Бул факторлар көпшилик  өсимлик түрлериниң жоғалып ямаса азайып кетиўине себепши болмақта. Нәтийжеде, флорамыз қурамындағы бир қанша өсимлик түрлери жоқ болып кетиўи бақланбақта. Солай етип, 2019-жылы Өзбекстан «Қызыл китабы»на Қарақалпақстанның 10 түрдеги өсимлиги киргизилди. Сонлықтан, бул жоқ болып кетиў қәўипи астында қалған яки жоғалып баратырған өсимлик түрлерин реинтродукция жолы менен көбейтиў усы өсимликлердиң көптүрлилигин сақлап қалыўға ҳәм қорғаўға имканият бериўи менен әҳмийетли есапланады.

2023-жылы да даўам еткен илимий-излертлеўлеримизде Қарақалпақстан флорасындағы дәрилик өсимликлердиң түрлери, олардың запаслары ҳәм тарқалыў ареаллары үйренилиўи менен бирге, басқа мәмлекетлер флораларының айырым әҳмийетли дәрилик өсимликлери аймағымызға интродукция етилип, мәдений шараятта жетистириў технологияларын үйрениў бойынша илимий жумыслар алып барылды. Бул жумыслардың нәтийжесинде аймағымыз тәбияты ушын жаңа болған өсимлик түри Қарақалпақстанның тәбиийғый шараятларына бейимлестирилди ҳәм оларды егип, жетистириўдиң технологиясы ислеп шығылды. Бул медицинада әҳмийетли болған дәрилик шийки затын алыў мақсетинде дәрилик өсимликлер плантацияларын шөлкемлестириўге мүмкиншилик береди.

Илимий изертлеўлер даўамында Қарақалпақстанның Үстирт бөлиминдеги өсимликлердиң тийкарғы доминант түрлериниң дизими ислеп шығылып, дузға шыдамлылығы жоқары болған от-жемлик әҳмийети ушын таңлап алынды. Үстирттиң Қарақалпақстан бөлиминдеги от-жемлик өсимликлер 232 түрден ибарат екенлиги, олар 145 туўысқа ҳәм 28 туқымласқа тийисли екенлиги анықланды.

Үстирттеги дәрилик өсимликлердиң қысқаша дизимин қәлиплестириў ҳәм жергиликли ҳәм жат флораға тән дендрофлора ўәкиллериниң жергиликли шараятларға бейимлестириў жумысларын әмелге асырыў ҳәзирги күндеги ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады.

Изертлеўлер даўамында Үстиртте 134 түрдеги дәрилик өсимлик түрлериниң өсетуғынлығы анықланды. Олардың пайдалылығы, шыпа бериўши қәсийетлери ҳәм жасаўшаңлығы сыпатланды. Солай етип, Қарақалпақстан шараятына айырым дәрилик өсимликлердиң түрлерин интродукциялаў, яғный ҳәр қыйлы өсимликлердиң түрлери ҳәм сортларын бизиң тәбийғый шараятымызда алдын ушыраспаған өсимликлерди көшириў (енгизиў) жумыслары табыслы алып барылмақта.






Булардан басқа, жергиликли дәрилик өсимликлер–цистанхе ҳәм геўилдиң Қарақалпақстанда тарқалыў ареаллары анықланды. 11 атамадағы жергиликли ҳәм 15 сырт еллердеги флораға тийисли, халық хожалығында әҳмийетли болған, сийрек ушырасатуғын ҳәм сийрек гезлесетуғын өсимлик түрлериниң дизими қәлиплестирилди. Бул өсимликлерди сақлап қалыў үлкен әҳмийетке ийе.

Есап бериў дәўиринде лабораторияның илимий хызметкерлери халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги илимий-әмелий конференцияларда ҳәм сырт еллердеги ҳам жергиликли илимий журналларда мақалалар менен қатнасты. Лаборатория хызметкерлери тәрепинен дала илимий экспедициялары ўақтында илимий-изертлеўлердиң нәтийжелери бир монографияда, бир неше жергиликли илимий журналлардағы мақалаларда ҳәм халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги өткерилген конференция материаллары топламында жәрияланды.

Лаборатория илимий хызметкерлери тәрепинен кадрлар таярлаў жумысларына да итибар қаратылмақта. Олар бир неше докторант ҳәм илим изертлеўшилерге илимий басшылық етип келмекте.

Илимий журналларда жәми 32 мақала шықты. Соннан төртеўи сырт ел журналларында берилди. Илимий-әмелий конференциялар ҳәм басқа илимий топламларда 20 материал басып шығарылды.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги