Президент Шавкат Мирзиёев 22-январь күни денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформаларды жеделлестириў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясында халықтың саламатлығын тәмийинлеў, медицина сапасын арттырыў бойынша көплеген ўазыйпалар белгиленген. Бул реформаларды жеделлестириў ҳәм турмысымызға нәтийжели ен жайдырыў мақсетинде халықаралық экспертлер қатнасыўында усыныслар ислеп шығылды.

Оған бола, Денсаўлықты сақлаў министрлиги структурасындағы мәмлекетлик шөлкем формасында “Денсаўлықты сақлаў жойбарлары орайы” жойбар офисин шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Ол мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын ҳәм мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары пакетин толық енгизиў, медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги үстинен қадағалаў системасын күшейтиў, кадрлардың потенциалын арттырыў, медициналық билимлендириў системасы ҳәм илим тараўын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў сыяқлы бағдарларға жуўапкер етип белгиленеди. Сондай-ақ, бул орай санлы технологияларды кеңнен енгизиў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын жеделлестириў, жеке секторды кеңейтиў, мәмлекетлик сатып алыўлардың  ашықлығын арттырыў, фармацевтика тараўын реформалаўға жәрдемлеседи.

Жойбар офиси жумысына қанигелестирилген медицина орайлары, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниң тәжирийбели қәнигелери, сондай-ақ, сырт елли экспертлер менен кеңесгөйлер шәртнама тийкарында тартылады.

Денсаўлықты сақлаў тараўында белгиленген реформалар жетик кадрлар потенциалын талап етеди. Соның ушын, бул бағдарда бир қанша илажлар нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, Ташкент медициналық академиясының билимлендириў бағдарламалары халықаралық аккредитациядан өткериледи. Онда жәмийет саламатлығы, профилактикалық медицина, физикалық белсендилик қәнигеликлери бойынша магистрлик бағдарлары ашылады. Медицина бағдарындағы студентлердиң билимин халыкаралық тән алынған система тийкарында, еки басқышта мәмлекетлик имтиханлар арқалы баҳалаў жолға қойылады.

Келеси оқыў жылынан баслап, аймақлардағы мүтәжликтен келип шығып, медициналық оқыў орынларының 200 питкериўшиси магистратура ҳәм клиникалық ординатура бағдарламары тийкарында жетекши сырт ел билимлендириў шөлкемлеринде оқытылады.

Сондай-ақ, қәнигелестирилген хирургия, кардиология, эндокринология, дерматовенерология ҳәм косметология орайлары, Балалар миллий медицина орайы ҳәм Миллий медицина орайы халықаралық аккредитациядан өткериледи.

Усы жылы әмелдеги 40 санитариялық қағыйда ҳәм нормалар қайта көрип шығылып, халықаралық стандартларға муўапықластырылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, усы әҳмийетли бағдарларды әмелге асырыў мақсетинде “жол картасы”н тастыйықлаў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА