Айырым кәрханаларымызда халықаралық сертификат жоқ болғаны ушын глобаллық логистика шынжырларына қосыла алмай атыр.
Бул хаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте мәлим етилди.
Экономиканың драйвер тараўларында халықаралық стандартларды енгизиў дәрежеси 35 процентке де жетпейди.
Сол себепли, Техникалық тәртипке салыў агентлиги толық реформаланып, Ҳүкимет қурамына өткерилетуғыны белгиленди.
Улыўма етип айтқанда, бул тараўдағы барлық ҳуқықый процесслерди талап дәрежесине жеткериў ушын әдиллик министри А.Тошқулов жуўапкер етип белгиленди. Еки айда тараўды тәртипке салмаса, лаўазымынан босатылып, усы агентликке басшы етип тайынланатуғыны ҳаққында ескертилди.
Жуўапкерлерге 2024-жылы ең көп экспорт болатуғын Европадаға 10 мәмлекет пенен миллий сертификатты еки тәреплеме тән алыў бойынша келисимге ерисиў, 1,7 мың халықаралық стандарт ҳәм 19 техникалық регламент қабыл етиў, 1,2 мың кәрханада халықаралық сапа системаларын енгизиў, сапасы кепилленбеген өнимлер түрин 4 мыңнан 7,5 мыңға жеткериў тапсырылды.
Усы жылы «GSP+» системасы арқалы Европаға экспорт етилетуғын товарлар түрин 700 ге, көлемин 1,2 миллиард долларға жеткериў зәрүр екени атап өтилди.
ӨзА