Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарының жумысын шөлкемлестириў ҳәм жаслардың исбилерменликке байланыслы басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша өткен жылы Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети избе-из жумыс алып барды.

Нәтийжеде республикалық бюджет қаржылары есабынан мәмлекетимиздеги 15 Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинлеў қәрежетлерине 16,3 миллиард сум ажыратылды. Объектлерде 9,9 миллиард сум муғдарында жумыслар орынланды ҳәм 10,2 миллиард сум қаржыландырылып берилди.

Сондай-ақ, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасында жергиликли бюджетлердиң қосымша қаржылары есабынан 29 жойбарға 159,1 миллиард сум ҳәм Исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 116 жойбарға 29,4 миллиард сум ажыратылыўына ерисилди.

Исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қурылыс-оңлаў жумыслары ушын аванс төлемлери менен бирге жәми 13,6 миллиард сум қаржыландырылды.

Бул комитеттиң 2023-жылы әмелге асырған жумысының жуўмағына бағышланған мәжилисте атап өтилди.

Өткен жылы комитет тәрепинен өткерилген 15 додалаў процесинде жумысқа байланыслы 50 ге шамалас тийкарғы ҳәм әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Комитеттиң жуўапкершилигинде 3 нызам жалпы мәжилислерге алып шығылды ҳәм 7 қадағалаў-таллаў илажлары өткерилди.

Тәсиршең парламентлик қадағалаў шеңберинде бир қатар унамлы нәтийжелерге де ерисилди. Соның ишинде, Мәденият министрлиги системасындағы барлық жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм олардың филиаллары китапхана фондындағы оқыў әдебиятлары толық электрон түрге өткерилди.

Республикалық бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының китапханасына «Өзбек халық дөретиўшилик естеликлери» атамасында 100 томлық китаплар топламы усынылды.

Комитет орынларда нызамлардың орынланыў жағдайына да айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында»ғы нызамның Самарқанд ўәлаятында орынланыў жағдайы орнына шығып үйренилди. Үйрениў нәтийжелери халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық кеңеси менен өткерилген биргеликтеги мәжилисте додаланып, комитет ҳәм кеңестиң биргеликтеги қарары қабыл етилди. Нәтийжеде ўәлаятта жас өспиримлер арасындағы жынаятлар саны дерлик 40 процентке азайыўына ерисилген.

Музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын сақлаў ҳәм олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжелилиги үйренилип, анықланған кемшилик ҳәм машқалаларды шешиў мақсетинде Мәдений мийрас агентлигине парламентлик сораў жиберилген. Нәтийжеде музейлер жумысына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер хатлаўдан өткерилди ҳәм әмелдеги тараўға тийисли нызамлар үйлестирилип, тиккелей әмел етиўши Мәдений мийрас кодексиниң жойбары таярланды.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын Мәдений мийрас қорының есабынан 2,2 миллиард сум ажыратылды.

Өткен жылы халық пенен тиккелей сөйлесиў, оларды тәшўишке салып атырған мәселелер шешими комитет жумысының тийкарғы бағдарларынан бири болды. Комитетке физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 525 мүрәжат келип түскен болса, соннан 175 ине ҳуқықый түсиник берилди. Комитет тәрепинен 277 (53 процент) қадағалаўға алынған мүрәжаттан 58 и унамлы шешилген.

Комитет ағзалары тәрепинен 1 мың 630 жазба мүрәжат көрилди ҳәм 200 ге шамалас көшпели ҳәм 420 жеке қабыллаў шөлкемлестирилди. Бул қабыллаўларда 2 мыңға шамалас мәселени унамлы шешиў илажлары көрилди. Анықланған мәселелердиң шешимин табыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына 30 ға шамалас сенатор сораўы жиберилген.

Сенаторлар, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, экспертлер, сондай-ақ, аймақлардан жергиликли кеңеслердиң депутатлары ҳәм Жаслар парламентиниң ағзалары қатнасқан мәжилисте жоқарыдағы сыяқлы жумыслар комитеттиң 2024-жылдағы ис-режесинен орын алғаны атап өтилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

 ӨзАның хабаршысы