Кейинги ўақытта «стратегия» турмыс тәризимизде, әсиресе мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда кеңнен қолланылып атырған сөзлердиң бирине айланды. Әйне мәмлекетимизде болып атырған кең көлемли реформалар глобалласыў шараятында тараўларды стратегиялық көзқарас тийкарында раўажландырыўды талап етип атырғаны бийкарға емес.

Стратегия тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны системаластырыўды, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды белгилеп алыўды нәзерде тутады. Бул болса мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын белгилеп береди. Стратегия бул ашық ҳүжжет. Онда мәмлекеттиң қысқа, орта ҳәм узақ мүддетте қандай мақсетлерди белгилеп алғаны, оны қаңдай тәртипте әмелге асыратуғынын өзинде сәўлелендиреди. Және де әпиўайы етип айтқанда, стратегияға қарап сырт елли бирге ислесиўшилер, потенциаллы инвесторлар мәмлекетимиз бенен бирге ислесиў көлеми бойынша қарар қабыл етеди. Мәмлекет халқы болса жақын ҳәм узақ келешекте мәмлекетте қандай өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бериўи бойынша анық мағлыўмат ҳәм түсиникке ийе болады.

Сол себепли, бизде еки әҳмийетли ҳүжжет қабыл етилди ҳәм ҳәр екеўи де бүгин әмелде. Оларда белгиленген ўазыйпалар бир-бирин толықтырады ҳәм бир мақсетке қаратылған.

Бириншиси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022 – 2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм усының менен тастыйықланған (келеси 5 жылға мөлшерленген) Раўажланыў стратегиясы. Екиншиси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы.

«Раўажланыў стратегиясы» орайының директоры Элдор Туляков пенен сәўбетте еки әҳмийетли ҳүжжеттиң уқсас ҳәм бир-биринен парықланатуғын тәреплери, олардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды орнатыў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳаққында сөз болады.

Сәўбет даўамында журналист Дилшод Бўриев еки әҳмийетли ҳүжжеттиң орынланыўында немқурайдылыққа жол қойылып атырған жағдайлар, жуўапкер лаўазымлы шахсларға көрилип атырған илажлар ҳаққындағы күтилмеген сораўларды ортаға таслайды.

Өз-ара сәўбетте «Өзбекстан 2030» стратегиясында басшы кадрлардың жеке жуўапкершилигин арттырыў, билимлендириў бағдарында белгиленген мақсетлер, халықтың белсендилигин ҳәм жәмийетлик қадағалаўды анықлайтуғын индикаторларды ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер талланған.

Дилшод Бўриев,

Дониёр Яқубов (видео),

ӨзА