Қарақалпақстан Республикасы Игорь Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде художник Ислам Жақсыбаевтың 80 жыллығына бағышланған, «Туўылған үлкениң жыллы нәпеси» атамасындағы көргизбесиниң ашылыў мәресими болып өтти.
Көргизбеде усы музейдиң директоры Т.Мкртичев, Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының баслығы Г.Изентаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, художник ҳаққында жыллы сөзлерин айтып, оның өмири ҳәм дөретиўшилик жумыслары туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, Ислам Жақсыбаев 1960-1980-жылларда Қарақалпақстан сүўретлеў көркем өнери мектебиниң қәлиплесиўине үлкен үлес қосқан художниклердиң бири. Ана Ўатанның ашық, рәңбә-рең тәбияты, оның дәстүрий көркем өнерге тән болған жеңил, ашық палитрасының бир бөлегине айланды. Сүўретшилик устаханасында ол көплеген кәсиплеслери сыяқлы, өзиниң дөретпелери менен қарақалпақ халқының үрп-әдетлерине көбирек дыққат аўдарды. Бирақ, оның дөретпелери қарақалпақ этнографиясының тәкирарланыўы емес, ал сүўретши тәрепинен жаратылған ана ўатанының көркем образы болып табылады.
И.Жақсыбаев дөретпелеринде ана ўатанының «реңинде» үлкениң көзге тасланбайтуғын мүйешлерине де итибар қаратқан. Бул «Ески аўылдағы көше», «Аўылда песин ўақты» шығармаларында айқын көринеди. Әпиўайы адамлар – ағайинлер, дослар – оның портретлериниң баслы қаҳарманларына айланған.
Арал теңизиниң апатшылығы оның көз алдында жүз берген. Сонлықтан, художник бул теманы да итибардан шетте қалдырмай бул апатшылықтың пүткил тарийхы, яғный толып-тасқан Арал теңизинен, шөлге айланған дәўирлери өз сәўлелениўин тапқан «Этюд», «Кемелер» «Арал» шығармаларында көринеди.
Ислам Жақсыбаев 1943-жылы Нөкис қаласында туўылған. Ол қоңсысы художник болғаны себепли мектепте оқып жүрген дәўиринде-ақ сүўрет салыўға деген қызығыўшылығы оянып, биринши дөретпеси «Әке портрети» деп аталды.
1962-жылы И.Жақсыбаев П.П.Бенков атындағы Республика көркем өнер билим журтына оқыўға киреди. 1968-жылы оны табыслы тамамлағаннан соң А.Н.Островский атындағы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм көркем өнер институтына оқыўға түседи. Ол Өзбекстанның алдынғы художниклериниң бири Р.Ахмедовтың устаханасында оқыған.
1973-жылы институтты табыслы тамамлағаннан соң Нөкиске қайтып көркем өнер фондының өндирислик устаханаларында художник-дөретиўши болып ислейди. Сол жыллары И.В.Савицкий менен танысады. И.Савицкий оның дөретпелерин музей ушын сатып алыўды баслаған. 1979-жылы И.Жақсыбаев көркем өнер фондында ислеўди даўам еткен ҳалда Нөкис көркем өнер билим журтында педагог-устаз ретинде жумыс алып барады.
Илажға республикамыздың бир неше районларынан Нөкис қаласына саяхатқа келген көплеген жас әўлад ўәкиллери де қатнасты.
– Бизлер де музейге Шымбай районындағы улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары менен бирге олардың қысқы дем алыс ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген саяхат себепли келдик. Нөкис қаласындағы усындай дыққатқа ылайық көплеген жерлерин айландық. Музейде болса балалар бул жердеги экспонатлар менен бирге, белгили художниктиң көргизбеси өткерилип атығанлығының да гүўасы болды. Бул илажды, әлбетте, жасларымыз ушын үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе илаж, деп есаплайман,-дейди Шымбай районындағы 31-cанлы мектеп муғаллими Р.Әлимбетов.
Әлбетте, елимиздиң көркем өнер тараўында өшпес из қалдырған атақлы инсанлардың көргизбелерине жасларымыздың да қатнасыўы, бундай инсанлардың өмири ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан танысыўы жас әўлад ўәкиллериниң тәрбиясында әҳмийетли орынға ийе.
Усы жылдың 1-10-январь күнлери аралығында пүткил елимиз бойлап өткерилип атырған «Жаслар туризми ҳәптелиги» шеңберинде шөлкемлестирилип атырған мәдений, кеўил ашар илажлар даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери