Кеше Самарқанд қаласында өткерилип атырған шахмат бойынша жәҳән чемпионатында рапид бағдарындағы беллесиўлер өз жуўмағына жетти.
Улыўма сыйлық муғдары 350.000 АҚШ долларын қурайтуғын бул жарыста норвегиялы әмелдеги жәҳән чемпионы Магнус Карлсен 1-орынды ийелеп, 60.000 доллар ақша менен сыйлықланды ҳәм бесинши мәрте жәҳән чемпионы атағын жеңип алыўға миясар болды.
Екинши орынды ийелеген словениялы Владимир Федосеев 50.000 ҳәм үшинши орын ийеси қытайлы Ю Янг Йи 40.000 АҚШ долларын қолға киргизди.
Соңғы турда халықаралық нейтрал спортшы Володар Мурзинг пенен теңбе-тең ойнап, қола медалынан айырылып қалған өзбекстанлы Нодирбек Абдусатторов турнирди 11-орын менен жуўмақлады ҳәм 5.000 долларға ийе болды.
Сондай-ақ, чемпионатта 30-орынды ийелеген Жаҳонгир Воҳидов та шөлкемлестириўшилер тәрепинен 1.500 доллар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы