Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар спорт мектебинде Өзбекстан Кураш федерациясының календарь режесиндеги быйылғы жылғы соңғы жарыс –үлкенлер (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар) арасындағы Өзбекстан кубоги жарысы басланды.

Онда республикамыздан ҳәм ўәлаятлардан 500 ден зыят палўан қатнаспақта.

Жарыстың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде спортты, соның ишинде, миллий курашты раўажландырыўға қаратылып атырған итибарға тоқтап өтти. Жаңа жыл алдынан өткерилип атырған жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Жарыстың дәслепки күни еркеклер 60, 66, 73 килограмм салмақ категориясында беллескен болса, ҳаял-қызлар  48, 52, 57, 63 килограмм салмақ категорияларында күш сынасты. Атап айтқанда, өз салмақ категорияларында  Сабырхожа Юсупов, Шахзод Давранов, Мухриддин Ғиёсов, Гүлзабира Тилеўимбетова, Умида Джуманиязова, Муслимахан Aхмедова, Диспина Бачковалар жеңимпаз болды. Бүгин сондай-ақ ерлер 81, 90, 100, +100 килограмм, ҳаял-қызлар болса 70, 78, 87, +87 килограмм салмақ категорияларында гилемге шықты.












Ертең командалық беллесиўлердиң жеңимпазлары анықланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги