Ташкент қаласында 22-25-декабрь күнлери Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен спорттың пара жүзиў түри бойынша  Өзбекстан чемпионаты  болып өтти.

Онда республикамыз сайланды командасы қурамында қатнасқан Қанлыкөл районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң  музыка пәни муғаллими Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими ағзасы Генжебай Кәримбаев  50 , 100 ҳәм 200 метр аралыққа жүзиў бойынша 1-орынды ийелеп, Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алыўға миясар болды.


Генжебайдың қолға киргизген бул табысы тек ғана оның шаңарақ ағзалары ҳәм тренерлери ушын емес, ал, пүткил республикамыздың спорт жакүйерлери ушын жаңа жыл саўғасы болды, десек алжаспаймыз.

Табыслар «көз айдын» Генжебай!

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы