2024-жылдың 12-январь күни футбол бойынша Қатарда басланатуғын Азия кубогине қызғын таярлықлар көрип атырған Өзбекстан сайланды командасы Қырғызстан сайланды командасы менен өз-ара дослық ойынын өткерди.

Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып өткен ушырасыўда Сречко Катанец шәкиртлери  4:1 есабында жеңиске еристи.

Бул ойында командамыз ағзаларынан Аббосбек Файзуллаев, Азизбек Амонов, Жалолиддин Машарипов ҳәм Ғолиб Ғайбуллаевлар гол урыўға миясар болды.

Сайланды командамыздың оқыў-шынығыўлары еле даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы