Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 2023-жылдың жуўмағы ҳәм жаңа жылға бағышланған илаж болып өтти.

Илажда филиал директоры Әдилбай Есимбетов жыйналғанларды жақынласып қалған жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, жыл даўамында ерисилген нәтийжелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, быйылғы жыл филиал жәмәәти ушын табыслы болды. Илимий бағдарда, спорт тараўында, руўхыйлық илажларда ҳәм түрли таңлаўларда мүнәсип орынлар қолға киргизилди. Быйлғы жылы биринши мәрте филиал студент жаслары арасынан Өзбекстан Республикасы Президенти  ҳәм басқа да атақлы стипендиялар ийелериниң жетилисип шыққанлығы тарийхый ўақыя болды. Жыл даўамындағы ерисилген нәтийжелер қанаатландырарлы, жол қойылған кемшиликлер болса, әлбетте сапластырылады.

Илажда түрли таңлаў ҳәм спорт жарысларында жақсы нәтийжелерге ерискен бир топар студент-жаслар сыйлықланды, Соның менен бирге, олар тәрепинен қызықлы викторина өткерилди.



Байрам илажы қатнасыўшыларына Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен “Лекторий концерт” бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги