25-30 декабрь күнлери Самарқанд қаласында шахматтың  рапид ҳәм блиц бағдарлары бойынша жәҳән чемпионаты болып өтеди.

Чемпионаттың улыўма сыйлық қоры 1 миллион доллар болып, рапид бойынша 500 мың доллар (ерлер 350 мың, ҳаял-қызлар 150 мың), блиц бойынша да 500 мың доллар (ерлер 350 мың, ҳаял-қызлар 150 мың) доллар сыйлық ажыратылған.

Жарысқа дүньяның ең күшли шахматшылары жәҳән чемпионлығы ушын өз-ара гүрес жүргизеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы