Ташкент қаласында Өзбекстан спортында ең жақсыларды анықлаўшы  «Миллий спорт мукофоти-2023»  сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда ҳәр қыйлы номинациялар бойынша ең күшли спорт мектеплери, спорт федерациялары, тренерлер, спортшылар, журналист-блогерлер, фотографлар сыйлықланыўға миясар болды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, бул таңлаўда келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жерлесимиз,  қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилген Азия  ойынларының чемпионы Гүлистан Пердебаева «Жылдың ең жақсы жас спортшысы» номинациясы бойынша жеңимпаз атанып, бул абырайлы сыйлық ийесине айланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.