Қарақалпақстан көркем өнер сарайы мәмлекетлик мәкемеси директоры, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Мақсет Өтемуратов халықларымыз арасындағы дослық ҳәм дөретиўшилик байланысларды беккемлеў бағдарында алып барған нәтийжели мийнетлери ушын Қазақстан Республикасының “Алтын адам-2023” сыйлығын алыўға миясар болды.

Сондай-ақ, елимиздиң ең белгили қосықшыларының бири  Мақсет Өтемуратов Қазақстан Республикасы Президенти тәрепинен «Алғыс»  хаты менен сыйлықланған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.