Усы жылдың 9-19-декабр күнлери аралығында Таиландтың Паттайя қаласында спорттың Академиялық ескек есиў бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты болып өтти.

Бул чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан республикамыз спортшыларынан Нурила Абдуалиева төрт адамлық, Айдана Сметуллаева еки адамлық  қайықта 3-орынды ийелеп, қола медалы менен сыйлықланыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.