Усы жыл 20-декабрь күни Жаслар орайында Қарақалпақстан жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан футбол ассоциациясы тәрепинен быйылғы мәўсим даўамында жақсы нәтийжелерге ерискен футболшылар, төрешилер, тренерлер ҳәм жанкүйерлерди сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Атап өтилгениндей, быйылғы жылы республикамызда улыўма 40 жарыс ҳәм семинар өткерилип, оларда 700ге шамалас команда қатнасты. Соннан 14 команда Өзбекстан басқышына жоллама алды.
Нөкистиң “Арал” командасы про лига ҳәм Өзбекстан кубоги ойынларында табыслы қатнасып, мәўсимди 6-орын менен жуўмақлады. Кубок ойынларында Ташкенттиң “Пахтакор” командасы үстинен жеңиске ерискен болса, 1/8 финалда Супер лига ойынларында 3-орынды ийелеген Наманганның “Нәўбәҳәр”командасынан жеңилиске ушырады. Нөкистиң және бир командасы “Жайхун” командасы биринши лига ойынларында 9-орынды ийеледи. “Арал” командасы жанында “Арал-W” командасы шөлкемлестирилип, Өзбекстан биринши лигасы ойынларында жемисли қатнасты ҳәм күшли 4 команда арасынан орын алды.
Быйылғы жылы да Мойнақ районында пляж футболы бойынша Өзбекстан кубоги жарыслары болып өтти. Онда Қарақалпақстаннан 4 команда қатнасып, Мойнақ районының командасы сыйлы биринши орынды ийеледи.
Өзбекстан футбол ассоциациясы бириншилиги жарысларында 6 команда қатнасып, 2 команда финал басқышына жоллама алды. Өзбекстан көлеминде спорт мектеплери футзал лигасында бәрше сайланды команда қатнасқан болса, соннан 2007-жылғы футболшылардан ибарат команда биринши орынды, спорт мектеплери футбол лигасында 5 команда қатнасып, 2007-жылғы футболшылардан ибарат команда үшинши орынларды ийеледи. Футбол тренерлери арасында В-лицензиясы бойынша оқыў курсы шөлкемлестирилип, онда 29 тренер, С-лицензия бойынша 3 оқыў курсы шөлкемлестирилип, 86 тренер лицензияға ийе болды.
Буннан тысқары, ҳаял-қызлар арасында футзал чемпионаты, футбол бойынша жас қызлар арасында чемпионатлар өткерилди. Бул жарысларда 18 команда қатнасып, Өзбекстан басқышына жоллама алды.
Республикамзда футболды раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаўда өзиниң белсендилиги менен айрықша үлесин қосқаны ушын бир топар пидайылар мүнәсип сыйлықланды. Дәслеп 2023-жылғы Қарақалпақстан кубоги ийелерине естелик саўғалары, Өзбекстан биринши лигасында нәтийжели қатнасқанлығы ушын “Арал-W” қызлар командасына ақшалай сыйлық тапсырылды.
2023-жылы өткерилген илажларда белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелегени ушын – Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби, ғалабалық ҳәм профессионал футболды раўажландырыўда жыл белсендиси – Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Football for school жойбары бойынша жыл белсендиси – Нөкис қаласы 42-санлы улыўма орта билим бериў мектеби, қәўендерлер “Uz-Kor Gas Chemical”, “Kushmag” ҳәм “Mir santexnika” кәрханалары естелик саўғалары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, “Ең жас футбол жанкүйери” номинациясы Алпамыс Асқаровқа, “Жыл белсендиси” номинациясы– Сейтмурат Халжановқа, “Жылдың ең жақсы төрешиси” номинациясы – Асқарбай Арзыбековқа, “Жылдың ең жақсы балалар тренери” номинациясы – Хамид Ещниязовқа, “Жылдың ең жақсы ҳаял-қыз футболшысы” номинациясы – Севинч Қадироваға, “Қарақалпақстан ХХХ чемпионатының ең жақсы тренери” номинациясы – Жамалатдин Бекмуратовқа, “Жылдың ең жақсы футболшысы” номинациясы – Дамир Низановқа тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.