Усы жылдыӊ 27-30-ноябрь күнлери Қарақалапқстанға хызмет көрсеткен артист, “Ниҳол” мәмлекетлик сыйлығыныӊ ийеси Рашид Хожасовтыӊ естелигине бағышланған республикалық таӊлаўдыӊ аймақлық басқышы болып өткен еди.
Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген таӊлаўдыӊ жуўмақлаўшы республикалық басқышы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниӊ биринши орынбасары Б.Аллаков, Қарақалпақстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери А.Өтениязова, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Д.Мәмбетмуратовлар сөзге шығып, марҳум қосықшлы, талант ийеси Рашид Хожасовтыӊ қысқа өмири даўамында республикамызда қосықшылық көркем өнериниӊ әсиресе, миллий эстрадамызды раўажландырыў бағдарында алып барған дөретиўшилик мийнетлери туўралы айтып өтип, өткерилип атырған таӊлаў усындай талант ийелериниӊ жетилисип шығыўына хызмет ететуғынлығын айрықша атап өтти.
Ҳақыйқатында да, Рашид Хожасов өзиниӊ жағымлы ҳаўазы, бийтәкирар таланты менен миллий эстрадамыздыӊ раўажланыўы жолында дөретиўшилик етти. Ол 1985-жылы 12-сентябрьде Нѳкис қаласында туўылды. Улыўма орта билим бериў мектебин табыслы тамамлағаннан соң 2001-жылдан Нѳкис мәденият ҳәм кѳркем ѳнер колледжинде академиялық қосық қәнигелигинде оқыйды. 2009-жылы Әжинияз атындағы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим қәнигелигине имтихансыз оқыўға қабылланды. Ал, 2007- жылдан ѳмириниң ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги жанындағы Кѳркем ѳнер дѳретиўши жәмәәтлер бирлеспесиниң халық сазлары оркестринде қосықшы болып табыслы иследи.
Қосықшы санаўлы ѳмириниң ишинде — он жылдай ғана дѳретиўшилик хызмети дәўиринде халқымыз кеўлинен орын ийелеген елиўден зыят қосықлар дѳретип кетти. 2008- жылы ноябрьде Нѳкис қаласында “Мен ашық болғанда” атамасында жеке концертин ықласбентлер нәзерине усынды. Рашид Хожасов атақлы көркем өнер ғайраткери Н.Муҳаммеддинов, басқа да композитор ҳәм шайырлар менен бирге тығыз ислесип, “Жәннетимсең, Ѳзбекстан”, “Ўатаным”, “Наўрызым келди”, “Ўатан топырағы”, “Нетермен”, “Ай қыз”, “Дуўтар”, “Ашық болдым бир қызға”, “Сен болмасаң қасымда”, “Сүймегенге сәлем жоқдур”, “Әрманлы дүнья”, “Гүл артында турар сүйгеним” ҳәм басқа да халқымыз арасына кеңнен тарқалған, сүйип тыңланатуғын әжайып қосықлар дѳретип атқарды ҳәм мийрас етип қалдырды.
Усындай дѳретиўшилик хызметлери ѳз ўақтында ылайықлы баҳаланып, 2008- жылы эстрада бағдары бойынша жас талант ийелериниң “Ниҳол” сыйлығын алған болса, ғәрезсизлигимиздиң 21 жыллық байрамы қарсаңында Рашид Хожасовқа Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2012-жыл 28-августтағы қарары менен “Қарақалпақстанға хызмет кѳрсеткен артист” ҳүрметли атағы берилген еди. Рашид Хожасов ѳмирлик жолдасы Айгүл менен бирге бир ул, бир қызды тәрбиялап атырған әдиўли әке де еди.
Таӊлаўдыӊ жуўмақлаўшы басқышына жетип келген қатнасыўшылар Рашид Хожасовтыӊ репертуарындағы қосықлардан атқарып, талантларын сыннан өткерди. Жуўмағында биринши орынды Қанлыкөл районынан Балтабай Базарбаев, екинши орынды Кегейли районынан Далибай Абатов, үшинши орынды Қоӊырат районынан Ринат Юсуповлар жеӊип алды. Сондай-ақ, бир қатар жас талант ийелери түрли номинациялар менен сыйлықланды.
Жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған статуэтка, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Жеӊимпаз Балтабай Базарбаев “Өзбекконцерт” мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен бир жыллық лицензияға ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.