9-16-декабрь күнлери Бахрейн пайтахты Манама қаласында ММА бойынша Азия чемпионаты болып өтти.
Онда 27 спортшы менен қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы 12 алтын, 9 гүмис ҳәм 5 қола медальларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, олар арасында қарақалпақстанлы спортшы Камола Амангелидева өз салмақ категориясында сыйлы екинши орынды жеңип алыўға еристи.
Гүмис медаль ийесин жарысқа тренер Азамат Тилегенов таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.