Саудия Арабстанында футбол бойынша клублар арасындағы жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Дүньяның ең күшли клублары қатнасып атырған бул жарыста кеше ярым финал ойынлары өткерилди.
Олардың биринде Англияның «Манчестер Сити» клубы японияның «Урава Ред Даймондс» командасы менен ушырасып, онда 3:1 есабында жеңиске еристи.
Ал, екинши ярым финалда болса, Бразилияның «Флуминенсе» клубы Египеттиң «Ал-Аҳли» клубын 2:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Солай етип клублар арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионатының финал ойынында «Манчестер Сити» клубы «Флуминенсе» футболшылары менен өз-ара чемпионлық ушын гүрес жүргизеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.