Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында инновациялық технологияларға арналған «Илим, техника ҳәм билимлендириўде инновациялық технологиялар: машқала ҳәм шешимлер» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияға республикамыздың жетекши жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, профессор-оқытыўшылар, излениўшилер қатнасты.

Дәслеп илаж қатнасыўшылары институттың технологиялық тәлим кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң оқыў және әмелият барысында ислеген буйымлары, қол өнери үлгилери, жетискенликлери ҳаққындағы көргизбе менен танысты.

Илажда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап, конференция жумысларына табыслар тиледи.

Экономикалық көзқарастан алып қарағанымызда, заманагөй глобалласыў, санлы экономика ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыў шараятында раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинде инновациялық жумысларды шөлкемлестириў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша халықаралық тәжирийбени үйрениў мәселеси тек ғана кәрханалар дәрежесинде емес, соның менен бирге, жоқары оқыў орынларында қәнигелер таярлаў ҳәм олардың инновациялық жумысларын жетилистириўге де хызмет етеди. Ал педагогикалық көзқарастан болса, заманагөй билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған инновациялық процесслер, ең алды менен, инсан турмысының барлық тараўларында санлы технологиялардан жедел пайдаланыў менен байланыслы, сондай-ақ, биринши гезекте билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға бағдарланған.

Конференцияның ашылыў пленар мәжилисинде оқыўшыларды кәсип таңлаўға бағдарлаў системасын жетилистириў ҳәм технологиялық билимлендириўди раўажландырыў, жәмийеттеги институционаллық өзгерислер дәўиринде технологиялық билим беретуғын муғаллимлерди таярлаў машқалалары, студентлердиң техникалық дөретиўшилик қәбилетлерин жетилистириўде технологиялық пәнлер компетенцияларының үзликсизлигин үйрениўдиң илимий-методикалық анализи, технологиялық билимлендириўде алдынғы сырт ел тәжирийбелери ҳәм усы сыяқлы темаларда баянатлар жасалды.

Илажда баянатшылар тәрепинен илим, техника ҳәм билимлендириўде инновациялық технологияларды кеңнен қолланыўдың әҳмийети, бул бағдардағы машқалалар ҳәм олардың шешимлери бойынша билдирилген пикир-усыныслар додаланды.

Конференция өз жумысын анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыўда инновациялық технологиялар, техникалық пәнлерди оқытыўда алдынғы сырт ел тәжирийбелери, сүўретлеў өнери ҳәм сызыў пәнлерин оқытыўда машқалалар ҳәм шешимлер сыяқлы секцияларда даўам еттирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.