Нөкис қаласындағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң шөлкемлестирилгенлигине 50 жыл толыўына бағышланған илаж өткерилди.

Илажға министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, тараў ветеранлары, мәденият, көркем өнер ўәкиллери, шайыр, жазыўшылар, мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылар қатнасты.

Илажда сөзге шыққан мийманлар бул оқыў орнының елимиздиң мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыўда, талантлы жасларды тәрбиялаўда хызметлери айрықша екенлигин атап өтти. Қатнасыўшыларды мектептиң юбилей жасы менен қызғын қутлықлап жақсы тилеклерин билдирип, естелик саўғалар тапсырылды.

Мектеп Нөкис қаласында 1972-жылы 2-санлы балалар музыка мектеби болып шөлкемлестирилген. Мектепте белгили көркем өнер ғайраткерлери Қурбанбай Наметуллаев, Тен Моисей Петрович, Илиш Хожаметов, Марқабай Жийемуратов, Гүлсара Оразбаева, Полат Қурбаназаров, Жолдасбай Турдымуратовлар директор болды. Ҳәзирги ўақытта бул мектепте Султан Муҳаммеддинов директор болып жумыс ислемекте. Бул дәўирлерде усы мектептен ҳәзирги ўақытта халқымызға белгили бир топар талантлы көркем өнер шеберлери жетилисип шықты. Бундай жетискенликлерге ерисиўде мектеп жәмәәтиниң, устазлардың орны айрықша екенлигин атап өтиўимиз керек.

2008-жылдан баслап мектеп Нөкис қаласы 12-санлы Әмет бақсы атындағы 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби болып қайта шөлкемлестирилди.

Мектеп ең дәслепки ўақытларда тек ғана фортепиано, баян аккардион, тарлы ҳәм рубаб қәнигеликлери бойынша жумыс алып барған болса, бүгинги күнге келип, фортепиано, тарлы әсбаплар (скрипка, виолончель), демли әсбаплар (кларнет, флейта), халық сазлары (рубаб, дуўтар, дәп, чанг, қобыз, бас, баян, аккордеон ҳәм гитара), бақсышылық (дуўтар, гиржек, қобыз), эстрада фортепиано, эстрада атқарыўшылығы, академиялық вокал атқарыўшылығы, хореография, сүўретлеў ҳәм әмелий қол өнери, театр өнери сыяқлы жәми 23 түрдеги бағдар бойынша оқыўшыларға билим берип келинбекте.

Халықаралық ҳәм республикамыз көлеминде өткерилип атырған таңлаўларда, байрамларда ҳәм басқа да илажларда мектеп оқыўшылары белсене қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип, халқымыздың кеўлинен шықпақта.

Кеше мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Ерназар Бекназаровтың түсирген сүўретлери