Фото: Internet Providers

The Verge хабарына бола, даўысты өзгертип бериўши Voicemod қуралы енди Telegram қоңыраўларында да ислейди.

Даўысты реал ўақыт тәртибинде жасалма интеллект қуралында алмастырса болады.

Қәлегенше – инсан, фантастикалық қаҳарманлар, роботлар, басқа планеталылар (кино ҳәм ойынлардағы) даўысты таңлаў мүмкин. Жаңа функцияны Android пайдаланыўшылары ислете алады (кейинрек iOS ушын да иске түседи).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги