Әйне күнлерде БАӘниң Ал-Айн қаласында шахмат бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты өткерилмекте.

Жарыста 41 мәмлекеттен 650 шахматшылар қатнаспақта. Өзбекстанның атынан қатнасып атырған Умида Омонова блитц бағдарында 1-орынды қолға киргизди. 

Сондай-ақ, және бир жерлесемиз Даврон Шарипов 2-орынды ийелеген болса, Маликахон Жумаева ҳәм Ҳуснорахон Ҳуснитдиновалар 3-орын ийесине айланды.

Еслетип өтемиз, Умида Омонова шахматтың рапид бағдарында еки мәрте жәҳән чемпионы есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги