Республикамызда көркем өнер ҳәм музыканың раўажланыўына өзиниң әжайып шығармалары менен салмақлы үлес қосқан белгили композитор Марқабай Жийемуратов ҳәм ҳаял-қызлар арасынан жетилисип шыққан талантлы шайыр Набийра Төрешованы көпшилик таныйды ҳәм оларды ҳүрмет етеди. Себеби, олардың дөреткен дөретпелери ҳәр бир тыңлаўшыны сулыў сезимлерге ҳәм ғайры тәбийғый муҳаббат туйғыларына жетелейди.
Әсиресе, М.Жийемуратовтың атақлы қосықшы Даўытбай Қайыповтың тәнҳа өзине арнап шығарылған «Умытпа», «Сени сағынаман атқан таңларда», «Алтынкөл», «Сағыныш» ҳәм тағы басқа да намаларын халқымыз елеге шекем сүйип тыңлайды.
Сондай-ақ, композитордың «Айдынлар» қосығына жазған намасы (сөзин Әденбай Тәжимуратов жазған) халқымыздың сүйикли қосығына айланып кетти десек асыра айтқан болмаймыз.
М. Жийемуратов 1943-жылы 28-мартта Қараөзек районында туўылған. Оның саз-сәўбетке қызығыўшылығы ҳәзирги «Нурлан шахан» аўылындағы мектепте оқыған дәўирлеринде-ақ басланған.
Белгили композитор М. Жийемуратовтың 80 ҳәм шайыр Н. Төрешованың 70 жасқа толған юбилей кешелери Қараөзек районындағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде салтанатлы түрде белгиленди.
Оған район басшылары, республикамызға белгили мәденият хызметкерлери, шайыр-жазыўшылар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда район ҳәкими У. Утамбетов, нураный журналист А.Реймов, филология илимлериниң докторы З.Бекбергенова, белгили композитор ҳәм қосықшы Н.Қәллибеков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, М. Жийемуратов ҳәм Н. Төрешовалардың Қарақалпақстан көркем өнери ҳәм әдебиятының раўажланыўындағы салмақлы үлеси, дөретпелериниң жасларымыз ушын тәрбиялық әҳмийетиниң жоқары екенлигине тоқтап өтти.
Илаж даўамында М. Жийемуратовтың зайыбы Н. Төрешоваға район ҳәкимлигиниң баҳалы саўғалары тапсырылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди.
Кешеде илаж қатнасыўшылары ушын юбилярлардың дөреткен дөретпелери тийкарында концерт бағдарламасы қойып берилип, бул кешеге өзгеше заўық бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.